2 Жылнама 8 bob

Сулайман қылған ислер(1-18). 

1 Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасы менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди.
2 Соның менен бирге Сулайман өзине Тир патшасы Хирам берген қалаларды да қайта қурып, оларға израиллыларды орналастырды.
3 Сулайман Хамат-Соба патшалығына жүрис қылып, оны да қолға киргизди.
4 Ол шөлдеги Тадмор қаласын ҳәм Хамат елиндеги барлық телеклери бар қалаларды қурып питкерди.
5 Жоқарғы ҳәм төменги Бейт- Хорон қалаларын қайта салып, дийўал менен қоршап, тәмбиленетуғын дәрўаза қурды.
6 Сондай-ақ, Баалат қаласын, өзине тийисли барлық телеклери бар қалаларды, барлық саўаш арбалары ҳәм атлары сақланатуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Солай етип, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды.
7 Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди.
8 Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алды. Бул ҳәзир де даўам етпекте.
9 Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды өзине әскер, әскербасылар, арбалы әскерлердиң басшылары етип қойды.
10 Сулайман патшаның халықты басқарып турған еки жүз елиў қадағалаўшысы да израиллылардан еди.
11 Сулайман: «Ҳаялым Израил патшасы Даўыттың сарайында турмаўы керек. Себеби Жаратқан Ийениң Келисим сандығы турған жер – мухаддес», – деп, фараонның қызын Даўыттың қаласынан ол ушын салдырған сарайға көширди.
12 Сулайман Ибадатхананың айўанының алдына қурылған қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар усынатуғын еди.
13 Ол бул қурбанлықларды Муўсаның ҳәр күн ушын белгилеп берген қағыйдасына муўапық, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында, жылдың үш байрамында: Ашытқысыз нан байрамы, Ҳәптелер байрамы ҳәм Қос байрамы күнлери усынатуғын еди.
14 Сулайман әкеси Даўыттың буйрығы бойынша, руўханийлерди топарлары бойынша хызметлерге қойды. Лебийлилерди болса алғыс-мақтаў айтыў ҳәм күнделикли ислерде руўханийлерге жәрдемлесиў хызметине қойды. Дәрўаза қараўылларын да топарлары бойынша дәрўазаларға бөлип қойды. Себеби Қудайдың адамы Даўыт усылай буйырған еди.
15 Патшаның руўханийлерге, лебийлилерге, сондай-ақ қазнаға байланыслы берген буйрықлары булжытпай орынланды.
16 Сулайман ислеўди қәлеген ислер, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының негизин қойған күннен ол тамамланғанға шекемги ислер толық орынланды. Солай етип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы қурып болынды.
17 Патша Сулайман Эдом жеринде, теңиз жағасында жайласқан Эсион- Гебер ҳәм Элат қалаларына барды.
18 Патша Хирам Сулайманға теңизди жақсы билетуғын адамлары менен бирге кемелерин жиберди. Олар Сулайманның кемешилери менен бирге Офирге барып, ол жерден патша Сулайманға төрт жүз елиў талант алтын әкелип берди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.