Эзра 10 bob

Аралас некеге шек қойыў жобасы(1-17). Басқа миллет қызларына үйленгенлер дизими(18-44). 

1 Эзра Қудайдың Ибадатханасының алдында жер баўырлап жылаўы менен гүналарды мойынлап, дуўа етип атырғанда, израиллылардың үлкен бир жыйыны: еркеклер, ҳаяллар ҳәм балалар оның жанына жыйналды. Олар да зар еңиреп, жылап турды.
2 Сонда Элам урпағынан Ехиел улы Шекания Эзраға былай деди: «Бизлер басқа миллет қызларына үйленип, Қудайымыздың алдында опасызлық еттик. Деген менен, израиллылар ушын еле үмит бар.
3 Енди Қудайымыз бенен келисим дүзейик. Мырзам, сизиң ҳәм Қудайымыздың буйрықларын қәдирлейтуғынлардың мәсләҳәти бойынша, ҳәмме басқа миллеттен алынған ҳаяллар менен ажырасып, оларды балалары менен бирге босатып жиберейик. Бул келисим Нызамға сай болсын.
4 Қәне, орныңыздан турың! Себеби бул ис сизге жүкленген, ал бизлер сизди қоллап-қуўатлаймыз. Руўхыңызды көтерип, иске кирисиң!»
5 Сонда Эзра орнынан турды. Ол руўханийлердиң басшыларына, лебийлилерге ҳәм пүткил израиллыларға усы айтылғанларды орынлаймыз деп, ант ишиўди буйырды. Олар ант ишти.
6 Кейин Эзра Қудайдың Ибадатханасының алдынан турып, Эляшиб улы Еҳохананның бөлмесине барды. Сол жерде болғанда, ол сүргиннен қайтқанлардың опасызлығы ушын аза тутыўын даўам етип, нан да жемеди, суў да ишпеди.
7 «Сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Ерусалимге жыйналсын», – деп Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жар салынды.
8 Және де: «Егер ким де ким үш күн ишинде келмесе, басшылардың ҳәм ақсақаллардың қарары бойынша оның барлық мал-мүлки тартып алынып, өзи сүргиннен келгенлер жәмийетинен шығарып жибериледи», – деп хабарланды.
9 Сонда пүткил Яҳуданың ҳәм Бенямин урыўының адамлары үш күн ишинде Ерусалимге жыйналды. Бул тоғызыншы айдың жигирмаланшы күни еди. Пүткил халық Қудайдың Ибадатханасы алдындағы майданда отырды. Олар ҳәм усы истен, ҳәм қуйып жаўған жаўыннан дирилдер еди.
10 Руўханий Эзра орнынан турып, оларға былай деди: – Сизлер опасызлық еттиңлер, басқа миллет қызларына үйленип, Израилдың айыбына айып жамадыңлар.
11 Енди ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе алдында гүналарыңызды мойынлап, Оның еркин орынлаңлар. Әтирапыңыздағы халықлардан ҳәм басқа миллеттен алынған ҳаяллардан айырылыңлар.
12 Сонда пүткил жәмийет жуўап берип, бәлент даўыс пенен былай деди: – Аўа, сиз ҳақсыз. Сиз не айтсаңыз, соны ислеймиз.
13 Деген менен, халық көп, жаўын да қуйып тур, ашық жерде турыўға димарымыз қалмады. Бул бир-еки күнлик ис емес, себеби бизлердиң көпшилигимиз усы исте гүна ислегенбиз.
14 Басшыларымыз пүткил жәмийет атынан ўәкиллик қылсын. Ал қалаларымыздағы басқа миллет қызларына үйленген адамлардың ҳәммеси белгиленген ўақытта өз қалаларының ақсақаллары ҳәм қазылары менен бирге усы жерге келсин. Қудайымыздың усы ис себепли лаўлаған ғәзеби қайтқанға шекем усылай исленсин.
15 Бул усынысқа тек Асаҳел улы Ионатан ҳәм Тиқўа улы Яхзея қарсы болды, ал Мешуллам ҳәм лебийли Шаббетай болса, буларды қоллап- қуўатлады.
16 Сүргиннен қайтқанлар айтылғандай иследи. Руўханий Эзра ҳәр бир урпақтың урпақ басшысын атпа-ат таңлап алды. Оныншы айдың биринши күни олар бул исти изертлеўге отырды.
17 Биринши айдың биринши күни олар басқа миллет қызларына үйленгенлердиң ҳәммесиниң исин қарап болды.
18 Руўханийлер урпағы арасында басқа миллет қызларына үйленгенлер: Иосадақ улы Ешуаның ҳәм оның туўысқанларының урпақларынан: Маасея, Элиезер, Яриб ҳәм Гедалия.
19 Олар ҳаялларынан ажырасыўға сөз берди ҳәм ҳәр бири сүриўден бир қошқарды өз айыбы ушын айып қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди.
20 Иммер урпағынан: Хананий ҳәм Зебадия;
21 Харим урпағынан: Маасея, Илияс, Шемая, Ехиел, Уззия;
22 Пашхур урпағынан: Элйоенай, Маасея, Исмайыл, Нетанел, Иозабад, Эласа;
23 Лебийлилерден: Иозабад, Шимей, Келая, яғный Келита, Петахия, Яҳуда, Элиезер;
24 Қосықшылардан: Эляшиб; Дәрўаза қараўылларынан: Шаллум, Телем, Урий;
25 Басқа израиллылардан: Парош урпақларынан: Рамия, Иззия, Малкия, Миямин, Элазар, Малкия, Беная;
26 Элам урпақларынан: Маттания, Зехария, Ехиел, Абдий, Еремот, Илияс;
27 Затту урпақларынан: Элйоенай, Эляшиб, Маттания, Еремот, Забад, Азиза;
28 Бебай урпақларынан: Еҳоханан, Ханания, Заббай, Атлай;
29 Баний урпақларынан: Мешуллам, Маллух, Адая, Яшуб, Шеал, Рамот;
30 Пахат-Моаб урпақларынан: Адна, Келал, Беная, Маасея, Маттания, Бесалел, Биннуй, Менашше;
31 Харим урпақларынан: Элиезер, Ишшия, Малкия, Шемая, Шимон,
32 Бенямин, Маллух, Шемария;
33 Хашум урпақларынан: Маттенай, Маттата, Забад, Элифелет, Еремай, Менашше, Шимей;
34 Баний урпақларынан: Маадай, Амрам, Уўел,
35 Беная, Бедея, Келуҳу,
36 Ўанея, Меремот, Эляшиб,
37 Маттания, Маттенай, Ясай,
38 Баний, Биннуй, Шимей,
39 Шелемия, Натан, Адая,
40 Махнадбай, Шашай, Шарай,
41 Азарел, Шелемия, Шемария,
42 Шаллум, Амария, Юсуп;
43 Небо урпақларынан: Еиел, Маттития, Забад, Зебина, Яддай, Иоел, Беная.
44 Бул адамлардың ҳәммеси басқа миллет қызларына үйленген болып, олардың айырымларының балалары да бар еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.