Эзра 3 bob
1 Израиллылар өз қалаларына жайласып болғаннан соң, жетинши айда олардың ҳәммеси бир адамдай Ерусалимге жыйналды.
2 Қудайдың адамы болған Муўсаның Нызам китабындағы жазыўларға муўапық, қурбанлық орын үстинде жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ушын, Иосадақ улы Ешуа ҳәм оның руўханий ағайинлери, Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм оның туўысқанлары Израилдың Қудайына арнап қурбанлық орын қурыўға киристи.
3 Олар әтираптағы халықлардан қорқса да, қурбанлық орынды оның бурынғы тийкары үстине қурып, онда азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берди.
4 Соңынан Нызамда жазылғанға гөре, Қос байрамын нышанлады ҳәм қағыйда бойынша ҳәр күн ушын белгиленген муғдарда жандырылатуғын қурбанлықлар берди.
5 Буннан соң, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықларды, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген барлық мухаддес байрамларда берилетуғын қурбанлықларды, Жаратқан Ийеге арнап ықтыярлы садақаларды усынды.
6 Жетинши айдың биринши күнинен баслап, олар Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар бериўди баслаған еди. Бирақ еле Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкары салынбаған еди.
7 Израиллылар тас қашаўшыларға ҳәм усталарға гүмис теңге, Лебаноннан Яфо жағысына теңиз жолы арқалы кедр ағашларын алып келиўи ушын сидонлылар менен тирлилерге азық-аўқат, ишимлик ҳәм зәйтүн майын берди. Буларға Персия патшасы Кир рухсат берген еди.
8 Ерусалимге, Қудайдың Ибадатханасы болған жерге келгеннен соң, екинши жылдың екинши айында Шеалтиел улы Зеруббабел, Иосадақ улы Ешуа, басқа руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен Ерусалимге қайтқанлардың ҳәммеси исти баслады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жаста болған лебийлилер Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди қадағалаў ушын қойылды.
9 Қудайдың Ибадатханасындағы жумысшыларды Ешуа, оның уллары ҳәм ағайинлери, Қадмиел ҳәм оның уллары, Ҳодаўияның пүткил урпақлары қадағалап турды. Олар бул хызметти атқарыўда Хенадад урпағынан болған лебийлилерден жәрдем алды.
10 Қурылысшылар Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарын салып болғанда, руўханийлер арнаўлы кийимлерин кийип, қолларына кәрнайларын алды. Асаф урпақларынан болған лебийлилер де кимбалларын алып, Израил патшасы Даўыт белгилеген қағыйдаға муўапық, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын өз орынларын ийеледи.
11 Олар гезекпе-гезек: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның Израилға болған садықлығы мәңгилик», – деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтты. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарының салынғаны ушын, пүткил халық қатты даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айта баслады.
12 Көпшилик қуўаныштан қышқырған болса да, Жаратқан Ийениң бурынғы Ибадатханасын көрген көплеген жасы үлкен руўханийлер, лебийлилер ҳәм урпақ басшылары бул Ибадатхананың тийкарының салынғанын көргенде өкирип жылады.
13 Халық қатты шуўласып бақырысқанлықтан, қуўаныш сеслеринен жылағанлардың даўысларын ажыратыў мүмкин емес еди. Шаўқым узақтан еситилип турған еди.