1 Сол арада пайғамбар Хаггай менен пайғамбар Иддо улы Зехария Яҳуда ҳәм Ерусалимде жасайтуғын яҳудийлерге олардың үстинен бийлик еткен Израилдың Қудайының аты менен пайғамбаршылық етти.
2 Сонда Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм Иосадақ улы Ешуа Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын қайта қурыўды баслады. Қудайдың пайғамбарлары да олар менен бирге болып, оларға жәрдем берди.
3 Сол ўақытта Евфраттың арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары яҳудийлерге келип: «Мына Ибадатхананы қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?» – деп сорады.
4 Олар бул қурылысты алып барып атырған адамлардың атларын да сорады.
5 Бирақ Қудай яҳудий ақсақалларына нәзерин салған еди. Персия ҳәмелдарлары бул ис туўралы Дарийге бир хат жиберген болып, сол хатқа жуўап келмегенше, яҳудийлерди тоқтатпады.
6 Дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай, олардың жолдаслары, яғный сол үлкениң ҳәмелдарлары патша Дарийге хат жазып, нусқасын жиберди.
7 Олар патша Дарийге жоллаған хатта былай деп жазылған еди: «Патша Дарийге тынышлық тилеймиз!
8 Патшаға мыналарды билдирмекшимиз: бизлер Яҳуда ўәлаятына, уллы Қудайдың Ибадатханасына бардық. Ол үлкен таслардан қурылып, дийўалларына ағашлар қосып қаланып атыр. Бул жумыс жедел пәт алған болып, олардың қолларында табыслы кетип атыр.
9 Бизлер сол жердеги ақсақаллар менен сөйлесип, олардан: „Мына Ибадатхананы қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?“ – деп сорадық.
10 Буның үстине, сизге мағлыўмат ретинде жазып жибериў ушын олардың басшыларының атларын да сорадық.
11 Олар бизлерге былай деп жуўап берди: „Бизлер аспан ҳәм жердиң Қудайының қулларымыз. Бизлер көп жыллар бурын қурылған Қудайдың Ибадатханасын қайта тиклеп атырмыз. Бул Ибадатхана Израилдың бир уллы патшасы тәрепинен қурып питкерилген еди.
12 Бирақ ата-бабаларымыз аспанның Қудайын ғәзеплендиргени ушын, Қудай оларды Бабилон патшасы калдейли Набуходоносорға тәслим етти. Ол бул Ибадатхананы ўайран етип, халықты Бабилонға сүргин қылды.
13 Деген менен, Бабилон патшасы Кир өз ҳүкимдарлығының биринши жылында усы Қудайдың Ибадатханасы қайта тикленсин деп, пәрман шығарды.
14 Набуходоносор Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасынан алтын ҳәм гүмис ыдысларды алып кетип, Бабилондағы ибадатханаға апарып қойған еди. Патша Кир Бабилондағы ибадатханадан сол ыдысларды алдырып, өзи ҳәким етип тайынлаған Шешбассар деген адамға қайтарып берди.
15 Патша Кир Шешбассарға: „Бул ыдысларды апарып, Ерусалимдеги Ибадатханаға қой. Ал Қудайдың Ибадатханасы өз орнына қайта қурылсын“, – деди.
16 Солай етип, Шешбассар келип, Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасының тийкарын қойды. Соннан бери қурылыс даўам етпекте, еле тамамланбады“.
17 Егер патшаға мақул болса, Бабилон сарайындағы архив тексерилип, патша Кирдиң Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын қурыўға рухсат бергени ямаса бермегени анықлансын. Соңынан патша өз қарарын бизлерге жазып жиберсин».