Нехемия 8 bob

Эзраның Нызам китабын халыққа оқып бериўи(1-18). 

1 Израиллылар қалаларына орналасып болғаннан соң, жетинши айда пүткил халық бир адамдай болып Суў дәрўазасының алдындағы майданға жыйналды. Олар улама Эзрадан Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Израил халқына берген буйрықлары жазылған Нызам китабын алып келиўди сорады.
2 Сонда жетинши айдың биринши күни руўханий Эзра Нызам китабын халық жыйналған жерге алып келди. Еркеклер, ҳаяллар ҳәм тыңлап, оқылғанды түсине алатуғын балалардың ҳәммеси сол жерде еди.
3 Эзра Суў дәрўазасы алдындағы майданда еркеклердиң, ҳаяллардың ҳәм түсине алатуғын ҳәр бир адамның алдында күн шыққаннан түске шекем Нызам китабын даўыслап оқыды. Ҳәмме оқылған сөзди дыққат пенен тыңлады.
4 Улама Эзра усы ис ушын алдын ала таярланған ағаш минбер үстинде турды. Оның оң тәрепинде Маттития, Шема, Аная, Урия, Хилкия ҳәм Маасея, ал шеп тәрепинде Педая, Мишаел, Малкия, Хашум, Хашбаддана, Зехария ҳәм Мешуллам турды.
5 Бийик минберде турған Эзра пүткил халықтың көз алдында китапты ашты. Сонда пүткил халық орнынан турды.
6 Эзра уллы Қудайға, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Пүткил халық қолларын көтерип: «Аўмийин, аўмийин», – деп жуўап берди ҳәм ет-бетинен жерге жығылып, Жаратқан Ийеге сыйынды.
7 Лебийлилер – Ешуа, Баний, Шеребия, Ямин, Аққуб, Шаббетай, Ҳодия, Маасея, Келита, Азария, Иозабад, Ханан, Пелая өз орынларында тик турған халыққа Нызамды түсиндирди.
8 Олар Қудайдың Нызам китабын анық оқып, мәнисин түсиндирип берди ҳәм халық оқылғанды түсинди.
9 Нызам сөзлерин еситкенде, пүткил халық жылады. Сонлықтан ҳәким Нехемия, улама ҳәм руўханий болған Эзра ҳәм халыққа үйретип турған лебийлилер халыққа: «Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийе ушын мухаддес күн. Аза тутып, көз жас төкпеңлер», – деди.
10 Кейин Нехемия халыққа былай деди: «Енди үйлериңизге қайтып, майлы аўқатлардан жеп, мазалы ишимликлерден ишиңлер. Аўқат таярламағанларға да сол нәрселерден пай берип жибериңлер. Себеби бүгин Ийемиз ушын мухаддес күн. Қайғырмаңлар, себеби Жаратқан Ийе беретуғын қуўаныш сизлерди күшли қылады».
11 Лебийлилер де: «Тынышланыңлар, бүгин мухаддес күн, қайғырмаңлар», – деп халықты тынышландырды.
12 Солай етип, пүткил халық жеп-ишиў, басқаларға пайларын бериў ҳәм уллы қуўаныш пенен байрамлаў ушын кетти. Өйткени олар өзлерине айтылғанларды түсинген еди.
13 Ертеңине пүткил халықтың әўлад басшылары, руўханийлер ҳәм лебийлилер Нызам сөзлерин үйрениў ушын улама Эзраның жанына жыйналды.
14 Олар Нызамда жазылған Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген мына буйрығын тапты: «Израил халқы жетинши айдағы байрам күнлери қосларда жасасын.
15 Сонлықтан барлық қалаларда ҳәм Ерусалимде: „Жазылғанға муўапық, таўларға шығып, зәйтүн, жабайы зәйтүн, мирта, пальма ҳәм басқа да жапырақлы ағашлардың шақаларын алып келип, қос қурыңлар“, – деп жар салып, жәриялансын».
16 Солай етип, халық барып, шақалар алып келди ҳәм ҳәр бир адам өз тамларының басына, шарбақларына, Қудайдың Ибадатханасының шарбағына, Суў дәрўазасы алдындағы майданға ҳәм Эфрайым дәрўазасының алдындағы майданға өзлери ушын қослар қурып алды.
17 Сүргиннен қайтып келгенлердиң ҳәммеси қослар қурып, қосларда жасады. Нун улы Ешуаның дәўиринен усы күнге дейин израиллылар булай ислемеген еди. Олар шексиз қуўанышқа бөленген еди.
18 Эзра биринши күннен соңғы күнге дейин, ҳәр күни Қудайдың Нызам китабын оқыды. Олар жети күн байрамлады, ал сегизинши күни қағыйдаға муўапық салтанатлы жыйналыс болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.