Эстер 10 bob
1 Патша Ахашўерош өз патшалығындағы шетки атаўларға дейин пүткил халықтан салық жыйнайтуғын еди.
2 Оның барлық күшли ҳәм қүдиретли ислери, ол мәртебели қылған Мордохайдың уллылығы ҳаққында Персия ҳәм Мидия патшаларының жылнама китабында жазылған.
3 Яҳудий Мордохай бийлиги бойынша патша Ахашўероштан кейинги екинши адам болды. Ол яҳудийлер арасында ҳүрметке еристи ҳәм көп урпақласлары оны жақсы көрди. Себеби ол өз халқының ийгилигин ойлады ҳәм пүткил урпақласларының тынышлығы ушын гүрести.