Эстер 5 bob
1 Үшинши күни Эстер патшалық кийимлерин кийип, сарайдың ишки ҳәўлисине, патшаның тахты турған бөлмениң алдына келип турды. Сол ўақытта патша ҳәўлиниң кирер аўзына туўры қарап турған өз тахтында отырған еди.
2 Патша ҳәўлиде турған ханбийке Эстерди көргенде, оған мийрими түсти ҳәм қолындағы алтын ҳасаны Эстерге қарай созды. Эстер патшаға жақынлап келип, алтын ҳасаның ушына қолын тийгизди.
3 Патша оған: – Ханбийке Эстер, не қәлейсең? Қандай тилегиң бар? Ҳәтте, патшалықтың ярымын сорасаң да, бериледи, – деди.
4 Эстер оған: – Егер патшамыз мақул көрсе, бүгин мениң ол ушын таярлаған зыяпатыма Ҳаман менен бирге келсин, – деди.
5 Патша: – Эстердиң өтинишин орынлаў ушын тез барып, Ҳаманды таўып келиңлер, – деп буйырды. Солай етип, патша ҳәм Ҳаман Эстер таярлаған зыяпатқа келди.
6 Патша шарап ишип отырып Эстерге және: – Айт, қандай тилегиң бар? Тилегиң орынланады. Қандай өтинишиң бар? Патшалықтың ярымын сорасаң да бериледи, – деди.
7 Эстер жуўап берип: – Мениң тилегим ҳәм өтинишим мынадай:
8 егер патшамыздың маған кеўли толған болса, патшамыз мениң тилегимди орынлап, өтинишимди қанаатландырыўды мақул көрсе, ертең мениң олар ушын таярлайтуғын зыяпатыма Ҳаман менен бирге келсин. Сонда патшамыздың сораўына жуўап беремен, – деди.
9 Сол күни Ҳаман зыяпаттан кеўли көтерилип, шад болып қайтты. Бирақ ол патша сарайында Мордохайды көргенде, Мордохай орнынан да турмады, оған ҳүрмет те көрсетпеди. Сонда Ҳаман ашыўдан түтеп кетти.
10 Деген менен, ол өзин тутып, үйине кетти. Ол үйине келип, досларын ҳәм ҳаялы Зерешти шақыртты.
11 Оларға өзиниң шексиз байлығы, улларының көплиги, патшаның өзин қаншелли ҳүрмет ететуғынлығы ҳәм барлық ўәзирлер менен хызметшилерден үстин қойғаны ҳаққында айтып берди.
12 Кейин Ҳаман сөзин даўам етип: «Ханбийке Эстер зыяпат таярлап, патша менен тек мени ғана мирәт етти. Ертең де мен патша менен бирге шақырылғанман.
13 Бирақ сарайда яҳудий Мордохайды көргенимде, булардың ҳәммеси мен ушын шыбын шелли көринбейди», – деди.
14 Сонда ҳаялы Зереш ҳәм барлық дослары Ҳаманға былай деди: «Бийиклиги елиў шығанақ болған дар қурдыр. Азанда патшадан Мордохайды сол дарға асыўды соран. Соңынан шад болып, патша менен зыяпатқа бар». Бул кеңес Ҳаманға унады ҳәм ол дар қурдырып қойды.