Шыгыу 1 bob

Израиллылардың Мысырда азап шегиўи

 
1 Яқып пенен бирге хожалықлары менен Мысырға келген Израил* улларының атлары мыналар еди:
2 Рубен, Шимон, Лебий, Яҳуда,
3 Иссахар, Зебулон, Бенямин,
4 Дан, Нафталий, Гад ҳәм Ашер.
5 Яқыптың урпағынан шыққанлар барлығы болып жетпис адам еди. Ал Юсуп әлле қашан Мысырда еди.
6 Ўақты келип, Юсуп, оның туўысқанлары ҳәм сол әўладтың ҳәммеси дүньядан өтти.
7 Бирақ Израил урпақлары өсип-өнип, барған сайын сансыз көбейип, күшейгени соншелли, Мысыр ели оларға толып кетти.
8 Сол ўақытта Мысыр тахтына Юсупти танымайтуғын жаңа патша отырды.
9 Патша өз халқына: «Минекей, Израил халқының саны жүдә көбейип, күшли болып баратыр.
10 Келиңлер, көбейип кетпеўи ушын оларға қарсы ҳийле қолланайық. Болмаса, урыс болған жағдайда, олар душпанларымызға қосылып кетиўи ҳәм бизлерге қарсы урысып, елимизден кетип қалыўы мүмкин», – деди.
11 Солай етип, мысырлылар израиллыларға аўыр жумысларды ислетип, езиў ушын, олардың үстинен қул жумсайтуғын басшыларды тайынлады. Израиллылар фараон ушын Питом ҳәм Рамсес деген телеклери бар қалаларды салды.
12 Деген менен, мысырлылар израиллыларды қаншелли езген сайын, олар соншелли көбейип, артып барды. Сонда мысырлылар қорқынышқа түсип,
13 израиллыларды аяўсыз түрде жумыс ислеўге мәжбүрледи.
14 Оларды ҳәр түрли атыз жумысларын, ылай соғыў ҳәм гербиш қуйыўдай аўыр жумысларды ислеўге аяўсыз мәжбүрлеп, турмысын қыйынластырды.
15 Мысыр патшасы Шифра ҳәм Пуўа деген еврейлердиң киндик шешелерине буйырып:
16 – Еврей ҳаялларын туўдырып атырғаныңызда, дыққатлы болың: егер ул туўылса, өлтириң, ал егер қыз туўылса, тири қалдырың, – деди.
17 Бирақ киндик шешелер Қудайдан қорқатуғын еди. Сонлықтан олар Мысыр патшасының айтқанын ислемей, ул балаларды тири қалдырды.
18 Сонда Мысыр патшасы киндик шешелерди шақыртып алып: – Неге булай ислеп атырсызлар? Неге ул балаларды тири қалдырып атырсызлар? – деп сорады.
19 Киндик шешелер оған жуўап берип: – Еврей ҳаяллары мысырлы ҳаялларға уқсамайды. Олар жүдә қарыўлы болып, бизлер бармастан алдын-ақ, туўып алады, – деди.
20 Бул иси ушын Қудай киндик шешелерге жақсылық иследи. Ал Израил халқы көбейип, барған сайын күши артып барды.
21 Өзинен қорққаны ушын, Қудай киндик шешелерге урпақ берди.
22 Соннан кейин, фараон өзиниң пүткил халқына: «Еврейлердиң туўылған ҳәр бир ул баласын Нил дәрьясына таслаңлар, ал қыз балаларын тири қалдырыңлар», – деп буйырды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.