Шыгыу 16 bob

Манна ҳәм бөденелер

1 Израил халқының пүткил жәмийети Элимнен шықты. Олар Мысырдан шыққанынан кейинги екинши айдың он бесинши күни Элим ҳәм Синай арасында жайласқан Син шөлине келди.
2 Шөлде ҳәммеси Муўса менен Харонға наразы болып,
3 оларға былай деп тоңқылдады: – Қәнекей, Мысырда-ақ Жаратқан Ийениң қолынан өлип қоя қойғанда болар еди. Ҳеш болмаса, ол жерде гөш салынған қазанлардың қасында отырып, тойғанымызша нан жер едик. Бирақ сизлер пүткил халықты ашлықтан өлтириў ушын, бизлерди усы шөлге алып келдиңиз.
4 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мине, Мен сизлерге аспаннан нан жаўдыраман. Халық ҳәр күни шығып, бир күнлик нанын жыйнап алсын. Усылайынша Мен оларды сынап, олардың Мениң көрсетпелерим бойынша жасайтуғынын ямаса жасамайтуғынын көрежақпан.
5 Ал алтыншы күни* олар ҳәр күни жыйнағанынан еки есе артық қылып топлап, таярлап қойсын.
6 Муўса менен Харон пүткил израиллыларға былай деди: – Сизлерди Мысырдан Жаратқан Ийениң Өзи алып шыққанын бүгин кеште билип аласызлар.
7 Ал ертең азанда Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Себеби Ол сизлердиң Өзине наразы болып, тоңқылдағаныңызды еситти. Бирақ бизлерге наразы болатуғындай, бизлер ким болыппыз?
8 Кейин Муўса былай деди: – Кешқурын сизлерге жеў ушын гөш, азанда тойғаныңызша нан берилгенде, сизлер Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Өйткени Жаратқан Ийе сизлердиң Өзине қарсы наразылық билдиргениңизди еситти. Ал бизлер ким болыппыз? Сизлер бизлерге емес, ал Жаратқан Ийеге наразылық билдирип атырсызлар.
9 Кейин Муўса Харонға: – Израил халқының пүткил жәмийетине айт, Жаратқан Ийениң алдына келсин. Себеби Жаратқан Ийе олардың тоңқылдыларын еситти, – деди.
10 Харон Израил халқының пүткил жәмийетине усыларды айтып турғанда, олар шөлге қарады. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты булт ишинде көринди.
11 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
12 – Мен израиллылардың тоңқылдыларын еситтим. Оларға мынадай деп айт: «Кешқурын гөш жеп, азанда нанға тоятуғын боласызлар. Сонда сизлер Мениң – Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар».
13 Кешқурын бөденелер ушып келип, орданы басып кетти. Ал азанда орданың әтирапын шық қаплады.
14 Шық кепкенде, шөлдеги жердиң бетинде қыраўға уқсаған, майда дән сыяқлы бир нәрсе көринди.
15 Буны көргенде, израиллылар бир-биринен: «Бул не?» – деп сорасты. Себеби олар буның не екенин билмейтуғын еди. Муўса оларға: – Бул – Жаратқан Ийениң сизлерге жеў ушын берген наны.
16 Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Ҳәр бир адам жей алғандайын жыйнап алсын. Шатырыңыздағы ҳәр бир адам ушын бир омерден* алыңлар».
17 Израиллылар солай ислеп, кимиси көп, кимиси аз жыйнады.
18 Омер менен өлшегенде, көп жыйнағанның артығы, аз жыйнағанның кемиси болмады. Ҳәр бир адам жей алатуғын муғдарда жыйнаған еди.
19 Муўса оларға: – Ҳеш ким оннан азанға дейин бир түйир қалдырмасын, – деди.
20 Деген менен, айырымлар Муўсаны тыңламай, азанға дейин қалдырғанда, ол қуртлап, сасый баслады ҳәм Муўсаның оларға ғәзеби келди.
21 Ҳәр күни азанда ҳәр бир адам өзи жей алатуғын муғдарда жыйнайтуғын еди. Ал қуяш қызған ўақытта жерде қалғанлары ерип кететуғын еди.
22 Алтыншы күни адам басына еки омерден, яғный еки есе жыйнайтуғын еди. Жәмийет басшылары келип, аўҳалды Муўсаға билдирди.
23 Муўса оларға былай деди: – Жаратқан Ийениң буйрығы усы. Ертең Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни. Соның ушын, бүгин писиретуғыныңызды писирип, қайнататуғыныңызды қайнатып алыңлар. Ал аўысып қалғанын азанға дейин сақлап қойыңлар.
24 Муўсаның буйырғанындай, халық аўысып қалғанды азанға дейин сақлап қойғанда, ол сасымады да, қуртлап та кетпеди.
25 Сонда Муўса оларға былай деди: – Аўысып қалғанды бүгин жеңлер. Себеби бүгин Жаратқан Ийе ушын Шаббат күни. Бүгин даладан манна таба алмайсызлар.
26 Сизлер оны алты күн жыйнаңлар. Бирақ жетинши күни болған Шаббат күни ол улыўма болмайды.
27 Жетинши күни айырымлар нан жыйнаў ушын сыртқа шыққанда, ҳеш нәрсе таба алмады.
28 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Қашанға шекем буйрықларым ҳәм көрсетпелеримди орынлаўдан мойын таўлайсызлар?
29 Минекей, Мен сизлерге Шаббат күнин бердим. Сонлықтан алтыншы күни сизлерге еки күнлик нан берип атырман. Жетинши күни ҳәр бир адам қай жерде жасап атырған болса, сол жерде қалсын, сыртқа шықпасын.
30 Солай етип, халық жетинши күни дем алды.
31 Израиллылар сол нанды манна деп атады. Оның көриниси кинза туқымы сыяқлы болып, дәми пал қосылған шөрекке уқсайтуғын еди.
32 Муўса халыққа былай деди: – Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Сизлерди Мысырдан алып шыққанымда, Мениң сизлерге шөлде берген нанымды келешек әўладлардың көриўи ушын, оның бир омерин сақлап қойыңлар».
33 Муўса Харонға: – Бир ыдысты алып, ишине бир омер манна сал. Келешек әўладларға сақланып қалыўы ушын, оны Жаратқан Ийениң алдына қой, – деди.
34 Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, Харон маннаны сақлап қойыў ушын, оны Келисим сандығының алдына қойды.
35 Израиллылар мәкан етилген Қанан жерине жетип барғанша, қырық жыл манна жеди.
36 Бир омер эфаның* оннан бир бөлегине туўры келетуғын еди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.