Шыгыу 11 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонның басына ҳәм Мысыр елине және бир бәле жаўдыраман. Соннан кейин, ол кетиўиңизге рухсат етеди, ҳәтте, сизлерди бул жерден пүткиллей қуўып шығарады.
2 Сен израиллыларға айт, ҳәр бир ер адам ҳәм ҳәр бир ҳаял қоңсысынан гүмис ҳәм алтын буйымларды сорап алсын.
3 Жаратқан Ийе Израил халқын мысырлыларға унамлы етип көрсетти. Муўса да Мысырда фараонның хызметкерлериниң ҳәм халқының алдында мәртебели еди.
4 Солай етип, Муўса фараонға: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Түнниң ярымында Мысырды аралап өтемен.
5 Сонда Мысырдағы ҳәмме туңғыш уллар: тахтында отырған фараонның баласынан, дигирман тартатуғын шоры ҳаялдың баласына дейин, сондай-ақ барлық маллардың туңғыш төллери өледи.
6 Пүткил Мысыр ели бурын болмаған ҳәм енди қайтып болмайтуғын дад салып ўай- ўайласқан даўысларға толып кетеди.
7 Ал израиллылардың ҳеш бир адамына, я малына ҳеш қандай зыян тиймейди. Усы арқалы сизлер Мениң, Жаратқан Ийениң израиллылар менен мысырлылар арасына қандай айырмашылық қойғанымды билип аласыз».
8 Сонда мына хызметкерлериңниң ҳәммеси келип, маған тәжим етип: «Сен де кет, сениң изиңе ерген пүткил халық та кетсин», – дейсизлер. Соннан соң, мен кетемен, – деди. Муўса фараонның алдынан қатты қәҳәрленип шығып кетти.
9 Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: – Мысырда Мениң кәраматларым көбейиўи ушын, фараон сизлерди тыңламайды, – деди.
10 Солай етип, Муўса менен Харон фараонның алдында усы барлық кәраматларды иследи. Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылып қойғанлықтан, ол израиллыларды өз жеринен жибермеди.