Шыгыу 18 bob
1 Муўсаның қәйин атасы мидянлы руўханий Итро Қудайдың Муўса ушын ҳәм Өз халқы Израил ушын ислеген ҳәмме ислерин, Жаратқан Ийениң израиллыларды Мысырдан қалай алып шыққанын еситти.
2 Бурын Муўса ҳаялы Сиппораны еки улы менен төркинине қайтарып жибергенде, Итро оларды қабыл еткен еди. Муўса: «Мен – жат елде келгинди адам едим», – деп, улларының бирин Гершом деп атаған еди
3 .
4 Ал екинши улына: «Ата-бабаларымның Қудайы маған жәрдем етип, мени фараонның қылышынан қутқарды», – деп, Элиезер деп ат қойған еди.
5 Сонда Муўсаның ҳаялын ҳәм улларын ерткен қәйин атасы Итро Қудайдың таўына, Муўса қоныс басқан шөлге келди.
6 Ол Муўсаға: «Мен – қәйин атаң Итроман, ҳаялың менен еки улыңды алып саған киятырман», – деп хабар жиберди.
7 Муўса қәйин атасын күтип алып, оның алдында тәжим етти ҳәм оны сүйди. Олар бир-биринен ҳал-аўҳал сорасып болып, шатырға кирди.
8 Муўса қәйин атасына Жаратқан Ийениң Израил халқы ушын фараон менен мысырлыларға нелер ислегенин, өзлериниң жолда көрген қыйыншылықларын ҳәм Жаратқан Ийениң оларды қалай қутқарғанын бирме-бир айтып берди.
9 Итро Жаратқан Ийениң израиллыларға ислеген жақсылықларына ҳәм оларды мысырлылардың қолынан қутқарғанына қуўанды.
10 Итро былай деди: – Сизлерди мысырлылардың ҳәм фараонның қолынан қутқарып, халықты мысырлылардың мойынтырығынан азат қылған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын.
11 Енди мен Жаратқан Ийениң барлық қудайлардан уллы екенин билдим. Өйткени Ол израиллыларға менменлик қатнаста болған мысырлылардан үстин шықты.
12 Итро Қудайға жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар әкелип берди. Харон ҳәм Израилдың пүткил ақсақаллары Муўсаның қәйин атасы менен Қудайдың алдында аўқатланыў ушын келди.
13 Ертеңине Муўса халыққа қазылық етиў ушын өз орнына отырды. Халық азаннан кешке шекем оның алдында тик аяқта турды.
14 Қәйин атасы Муўсаның халыққа қылған бул исин көрип: – Халыққа бул не ислегениң? Неге жалғыз өзиң қазылық етип отырсаң? Неге ҳәмме азаннан кешке шекем сениң алдыңда тур? – деди.
15 Муўса оған былай деди: – Өйткени халық Қудайдың еркин билиў ушын, маған келеди.
16 Қашан араларында бир даў шықса, олар маған келеди. Мен еки тәреп арасында қазылық қылып, оларға Қудайдың қағыйдаларын ҳәм көрсетпелерин мәлим етемен.
17 Қәйин атасы оған былай деди: – Бул исиң жақсы емес.
18 Сен өзиңди де, жаныңдағы халықты да шаршатып таслайсаң. Бул ис сен ушын жүдә аўырлық етеди, ол бир өзиңниң қолыңнан келмейди.
19 Енди маған қулақ сал. Егер сен мениң кеңесиме әмел қылсаң, Қудай саған яр болады. Сен Қудай алдында халық ушын ўәкил болып, олардың даўлы ислерин Қудайға жеткизип турыўың керек.
20 Ал халыққа Қудайдың қағыйдаларын ҳәм көрсетпелерин үйрет. Қандай жол менен жүрип, не ислеў кереклигин оларға көрсет.
21 Буларға қосымша, халық арасынан Қудайдан қорққан, уқыплы, ҳарам пайданы жек көретуғын исенимли адамларды сайлап ал. Оларды халық үстинен мыңбасылар, жүзбасылар, елиўбасылар ҳәм онбасылар қылып тайынла.
22 Олар бәрқулла халыққа қазылық етсин. Үлкен даўларды саған әкелсин, ал кишилерин өзлери шешсин. Усылай етип, олар аўырманлықты сениң менен бөлиссе, саған жеңил болады.
23 Егер сен Қудайдың буйырғанындай етип, усылай ислесең, онда шыдай аласаң ҳәм ҳәмме тынышлық пенен үйлерине қайтады.
24 Муўса қәйин атасының сөзин тыңлап, оның айтқанларының ҳәммесин орынлады.
25 Ол израиллылар арасынан уқыплы адамларды сайлап алып, оларды мыңбасылар, жүзбасылар, елиўбасылар ҳәм онбасылар қылып, халыққа басшы етип тайынлады.
26 Олар халыққа бәрқулла қазылық етип, қыйын мәселелерди Муўсаға алып келди. Ал кишигирим ислерди өзлери шешти.
27 Кейин Муўса қәйин атасын жолға шығарып салды. Итро өз елине қайтып кетти.