Шыгыу 19 bob
1 Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги үшинши айдың биринши күни Синай шөлине жетип келди.
2 Олар Рефидимнен жолға шыққан болып, Синай шөлине жетип келген еди. Олар сол жерде, Синай таўының қарсысына шатырларын тикти.
3 Сонда Муўса таўға, Қудайдың дәргайына шықты. Жаратқан Ийе оған таўдан былай деди: – Яқып нәсилине, Израил халқына былай де:
4 «Мысырлыларға не ислегенимди, палапанларын қанатлары менен тасыған бүркит сыяқлы, сизлерди жаныма әкелгенимди көрдиңлер.
5 Ал енди сөзлеримди дыққат пенен тыңлап, келисимиме әмел қылсаңлар, сизлер барлық халықлар ишинде Мениң ғәзийнем боласызлар. Себеби пүткил жер жүзи Маған тийисли.
6 Сизлер Мениң ушын руўханийлер патшалығы ҳәм мухаддес халық боласызлар». Сениң израиллыларға айтатуғын сөзлериң усылар.
7 Муўса келип, халық ақсақалларын шақырып алды да, өзине Жаратқан Ийениң буйырған барлық сөзлерин оларға билдирди.
8 Пүткил халық бир аўыздан: «Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин орынлаймыз», – деп жуўап берди. Муўса халықтың жуўабын Жаратқан Ийеге жеткизди.
9 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Сениң менен сөйлескенимди халықтың еситиўи ҳәм саған мәңгиге исениўи ушын, Мен саған бир қалың булт ишинде келемен, – деди. Муўса халықтың сөзлерин Жаратқан Ийеге жеткизгенде,
10 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Бар, бүгин ҳәм ертең халық пәкленсин. Олар кийимлерин жуўып,
11 үшинши күни таяр болсын. Өйткени үшинши күни Мен, Жаратқан Ийе пүткил халықтың көз алдында Синай таўына түсемен.
12 Халық ушын таўдың әтирапына шегара сызып, белгиле ҳәм оларға: «Абайлаңлар, таўға шығыўшы болмаңлар, таўдың етегине де жақынламаңлар! Таўға бир жерин тийгизген ҳәр бир адам сөзсиз өлтириледи.
13 Сол адамға қол тийгизилмей, тас боран қылынып, я болмаса оқ жай менен өлтириледи. Ҳайўан болса да, адам болса да, ол тири қалмайды», – деп айт. Тек кәрнай узақ шертилгенде ғана, олар таўға көтериле алады.
14 Соңынан Муўса таўдан халықтың қасына түсип, оларға пәклениўди буйырды. Ҳәр бир адам кийимлерин жуўды.
15 Муўса халыққа: – Үшинши күни таяр болыңлар. Бул ўақыт ишинде ҳаялларыңызға жақынламаңлар, – деди.
16 Үшинши күни таң атыўдан гүлдирмама гүркиреп, шақмақ шақты. Таўдың үстин қалың булт қаплап, бәлент, күшли даўыслы кәрнай сести еситилди. Ордадағы пүткил халық титирей баслады.
17 Муўса халықты Қудай менен ушырастырыў ушын, ордадан баслап шықты. Олар таўдың етегине келип турды.
18 Қудай Синай таўына от ишинде түскенликтен, пүткил таў түтеп турған еди. Таўдан пештен шыққандай түтин шығып, пүткил таў қатты силкинип турған еди.
19 Кәрнай сести барған сайын күшейе берди. Муўса Қудайға сөйледи ҳәм Қудай да оған даўыслап жуўап берди.
20 Жаратқан Ийе Синай таўының төбесине түсип, Муўсаны таўдың төбесине шақырды. Муўса сол жерге шықты.
21 Жаратқан Ийе оған былай деди: – Төмен түсип, халықты ескерт. Мени көриў ушын, шегарадан шығып кетпесин. Болмаса, көбиси өлип қалады.
22 Маған жақынласатуғын руўханийлер де өзлерин пәклесин. Болмаса, оларға қарсы шығаман.
23 Муўса Жаратқан Ийеге: – Халық Синай таўына шыға алмайды. Өйткени Сен: «Таўдың әтирапына шегара сызып, белгиле ҳәм таўды мухаддес қыл», – деп ескерткен едиң, – деди.
24 Жаратқан Ийе оған: – Төмен түсип, Харонды өзиң менен бирге алып кел. Бирақ руўханийлер менен халық алдыма келиў ушын, шегарадан өтпесин. Болмаса, оларға қарсы шығаман, – деди.
25 Солай етип, Муўса төмен түсти де, халыққа усыларды айтып берди.