Шыгыу 21 bob

Қуллар ҳаққында (1-11). Зорлыққа қарсы нызамлар (12-36)

 
1 – Сен халыққа жәриялаўың керек болған нызамлар мыналар:
2 егер сен еврей қул сатып алсаң, ол алты жыл хызмет етип, жетинши жылы ешейин азат етилсин.
3 Егер ол келгенде бойдақ болса, жалғыз кетсин. Ал үйленген болса, онда оның ҳаялы да бирге кетсин.
4 Егер хожайыны сол қулды үйлендирген ҳәм ҳаялы оған ул-қыз туўып берген болса, онда ҳаялы ҳәм балалары хожайынында қалып, қулдың бир өзи кетсин.
5 Бирақ қул: «Мен хожайынымды, ҳаялымды ҳәм балаларымды жақсы көремен, азатлыққа шықпайман», – десе,
6 онда хожайыны оны қазылардың алдына алып келсин ҳәм оны қапының ямаса қапының кесе ағашының жанында турғызып, қулағын биз бенен тессин. Сонда ол өмир бойы хожайынына қул болып қалады.
7 Егер ким де ким қызын шорылыққа сатса, қыз еркек қуллар сыяқлы азатлыққа шыға алмайды.
8 Егер хожайыны сол қызды ҳаяллыққа алыўды нийет қылып болып, оны жақтырмай қалса, онда қыздың әкеси тәрепинен қуны төленип, қыздың азат болыўына рухсат етсин. Бирақ өзи алдағаны ушын, жат адамларға сатыўға ҳақысы жоқ.
9 Егер ол қызды улына некелесе, оны өз қызындай көрсин.
10 Ал егер хожайыны шорысына үйленип болып, және басқа ҳаял алса, онда шоры ҳаялын азық-аўқаттан, кийим-кеншектен ҳәм ерли-зайыплылық ҳуқықларынан маҳрум етпесин.
11 Егер ол усы үш нәрседен шорыны маҳрум қылса, шоры қуны төленбестен азат қылынсын.
12 – Ким де ким биреўди урып өлтирсе, оның өзи де сөзсиз өлтирилсин.
13 Бирақ егер ол буны абайсызда ислеген болса, Қудайыңыз болған Мен усыған жол қойған болсам, онда сол адамның қашып барып, паналайтуғын жерин Өзим белгилеп беремен.
14 Ал егер ким де ким жанындағы адамды қастан өлтирип, Мениң қурбанлық орныма қашып барса да, оны сол жерден шығарып алып, өлтириңлер.
15 Ким де ким анасын ямаса әкесин урса, ол сөзсиз өлтирилсин.
16 Ким де ким биреўди урлап, оны сатса ямаса услап турса, ол сөзсиз өлтирилсин.
17 Ким де ким анасын ямаса әкесин ғарғаса, ол сөзсиз өлтирилсин.
18 Еки адам жәнжеллесип, биреўи екиншисин тас ямаса муш пенен урса, ол өлмегени менен, төсек тартып жатып қалса,
19 кейин орнынан турып, далаға таяқ пенен шыға алатуғын болса, онда урған адам айыпсыз болып есапланады. Тек ол жарақат алған адамға оны жумысынан қалдырғаны ушын ҳәм толық емлениўи ушын пул төлесин.
20 Егер ким де ким қулын ямаса шорысын таяқ пенен урып өлтирсе, ол жазалансын.
21 Бирақ егер қул дәрҳал өлмей, ал бир-еки күннен соң өлсе, қулдың хожайыны жазаланбасын. Себеби қул оның өз меншиги.
22 Биреўлер төбелесип атырып, бир ҳәмиледар ҳаялды урып алса ҳәм ҳаял шала туўып қойса, бирақ басқа зыян көрмесе, онда зыян жеткизген адам ҳаялдың күйеўи талап қылған ҳәм қазылар белгилеген муғдарда қун төлесин.
23 Ал егер басқа зыян жеткизилген болса, жанға жан,
24 көзге көз, тиске тис, қолға қол, аяққа аяқ алынып,
25 күйик ушын күйдирилип, жарақат ушын жарақат салынып, көгерген ушын көгертилсин.
26 Егер ким де ким қулының ямаса шорысының көзине урып, соқыр қылса, көзи ушын оны азатлыққа шығарсын.
27 Ал егер қулының ямаса шорысының тисин сындырса, тиси ушын оны азатлыққа шығарсын.
28 Егер бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өгиз сүзип өлтирсе, өгиз тас пенен урып өлтирилсин, ал гөши желинбесин. Өгиздиң ийеси айыпсыз болып есаплансын.
29 Бирақ өгиз бурыннан-ақ сүзеўик болып, бул туўралы ескертилгенине қарамай, ийеси өгизине көзқулақ болмаған болса, өгиз бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өлтирсе, онда өгиз тас пенен урып өлтирилсин. Өгиздиң ийеси де өлтирилсин.
30 Егер өгиздиң ийесине өз жанын сақлап қалыўы ушын қун төлеўине рухсат етилсе, ол талап қылынған қунды толығы менен төлеўи тийис.
31 Егер өгиз ул баланы ямаса қыз баланы сүзип өлтирсе, онда да усы нызам қолланылсын.
32 Егер өгиз бир қулды ямаса бир шорыны сүзип өлтирсе, онда олардың хожайынына отыз шекел гүмис берилип, өгиз тас пенен урып өлтирилсин.
33 Егер ким де ким суў сақланатуғын шуқырды ашық қалдырса ямаса таза шуқыр қазып, оның аўзын жаппай кетсе ҳәм сол шуқырға бир өгиз ямаса ешек түсип кетсе,
34 онда шуқырдың ийеси малдың қунын төлеўи тийис. Ол малдың ийесине пул төлесин, ал малдың денесин өзине алсын.
35 Егер бир адамның өгизи қоңсысының өгизин сүзип өлтирип қойса, онда олар тири қалған өгизди сатып, ақшасын ҳәм өли өгиздиң гөшин тең бөлисип алсын.
36 Егер өгиздиң сүзеўик екени бурыннан-ақ белгили болса да, ийеси оған көзқулақ болмаған болса, онда ол өгиздиң орнына өгиз берип, өлген малды өзине алсын.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.