Шыгыу 22 bob

Мал-мүлик ҳаққында нызамлар (1-15). Жәмийетлик жуўапкершиликлер (16-31)

1 – Егер ким де ким ири мал ямаса майда мал урлап, оны сойса ямаса сатып жиберсе, бир өгиздиң орнына бес өгиз, бир қойдың орнына төрт қой төлесин.
2 Ким де ким түнде үйге урлыққа түсип атырған урыға тап болып, оны урып өлтирсе, төгилген қан оның мойнына жүкленбесин.
3 Бирақ егер ўақыя қуяш шыққаннан кейин болса, онда қан төккен адам айыплы болады. Уры урлаған нәрсесиниң қунын толық төлесин. Егер урының төлейтуғын ҳеш нәрсеси болмаса, урлағанларын төлеўи ушын, ол қул қылып сатылсын.
4 Қара мал ма, ешек пе ямаса майда мал ма, не болса да, урланған мал урының қолынан тирилей табылса, онда ол мал ушын еки есе қун төлесин .
5 Егер ким де ким малларын өз атызына ямаса жүзим бағына отлатып қойып, малларының басқа биреўдиң атызына түсиўине жол қойса, онда ол өз атызының ямаса бағының ең жақсы өнимлеринен төлесин.
6 Егер биреў от жағып, бул оттан тикенлер алысып кетип, баўланған егинлерди, атыздағы зүрәәтти ямаса пүткил егисликти жандырып жиберсе, онда от жаққан адам шығынды толық төлесин.
7 Ким де ким қоңсысына ақшасын ямаса затларын аманат етип берсе, бирақ сол нәрселер қоңсысының үйинен урланып, уры табылса, уры урлаған затларын еки есе етип төлесин.
8 Ал егер уры табылмаса, үй ийеси қазылардың алдына барып, аманатқа қыянет етпегенин айтып ант ишсин.
9 Қандай да бир даўлы нәрсе: ири мал, ешек, майда мал, кийим-кеншек, ҳәр қандай жойтылған нәрсе бойынша: «Бул – меники» деген талас болса, онда еки тәреп мәселени қазыларға жеткизсин. Қазылар айыплы деп тапқан адам қоңсысына еки есе төлесин.
10 Ким де ким қоңсысына ешегин, ири малын, майда малын ямаса қандай да бир малын аманат етип берсе, сол мал өлип қалса ямаса жарақат алса, я болмаса урланып, буған гүўа болмаса,
11 онда малды аманатқа алған адам қоңсысының малына қол тийгизбегенин айтып, Жаратқан Ийениң аты менен ант ишсин. Малдың ийеси буны қабыл етсин ҳәм қоңсысы ҳеш нәрсе төлемесин.
12 Бирақ алған адамнан сол мал урланған болса, онда ол малдың ийесине қун төлесин.
13 Егер малды бир жыртқыш ҳайўан тилкимлеп таслаған болса, онда баққан адам тилкимленген малды дәлил етип көрсетиўи тийис ҳәм сол мал ушын ҳеш нәрсе төлемесин.
14 Егер ким де ким қоңсысынан бир мал сорап алып турса, ийеси жоқта мал жарақат алса ямаса өлип қалса, алған адам мал ушын толық қун төлеўи тийис.
15 Бирақ ийеси малдың қасында болған болса, қарызға мал алған адам ҳеш нәрсе төлемесин. Ал егер мал жаллап алынған болса, онда жалланған баҳасы төлениўи тийис.
16 – Егер ким де ким атастырылмаған бир қызды алдап, оның менен жатса, қыз ушын қалың мал берип, оған үйлениўи тийис.
17 Егер әкеси қызын сол адамға бериўге ыразы болмаса, онда ол қызларға берилетуғын қалың мал муғдарын төлесин.
18 Сыйқыршы ҳаялды тири қалдырмаңлар.
19 Ҳайўан менен жынысый қатнас жасайтуғын адам сөзсиз өлтирилсин .
20 Жаратқан Ийеден басқа қудайларға қурбанлық берген адам жоқ қылынсын.
21 Келгинди адамға жәбир берип, езиўши болмаңлар. Себеби сизлер де Мысырда келгинди болдыңлар.
22 Жесирлер менен жетимлерге жәбир бермеңлер.
23 Егер жәбир берсеңиз, олар Маған жалбарынса, олардың налаларын сөзсиз еситемен.
24 Сонда Мениң ғәзебим лаўлап, сизлерди қылыш пенен өлтиремен. Ақыбетинде ҳаялларыңыз жесир, ал балаларыңыз жетим болып қалады.
25 Мениң халқымнан бир кәмбағалға қарызға ақша берсең, өсимге пул бериўши сыяқлы пайыз миндирме.
26 Егер қоңсыңның шапанын гиреўге алсаң, оны қуяш батпастан бурын қайтарып бер.
27 Өйткени сол шапан оның жалғыз жамылатуғын нәрсеси. Шапаны болмаса, ол нени жамылып уйықлайды? Солай етип, ол Маған жалбарынса, оны еситемен. Себеби Мен мийрим-шәпәәтлимен.
28 Қудайға тил тийгизбеңлер. Халқыңыздың басшыларын ғарғамаңлар.
29 Қырманыңыздың ҳәм жуўазларыңыздың зүрәәтинен аяп, Маған алып келиўди кешиктирмеңлер. Туңғыш улларыңызды да Маған бағышлаңлар.
30 Ири мал ҳәм майда малларыңыз бенен де солай ислеңлер. Олар жети күн анасының жанында қалсын, ал сегизинши күни оларды Маған бериңлер.
31 Сизлер Мениң мухаддес халқым боласызлар. Сонлықтан далада тилкимленип тасланған ҳайўанды жемеңлер, оны ийтлерге таслаңлар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.