Шыгыу 24 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Сен, және де, Харон, Надаб, Абиҳу ҳәм Израил ақсақалларынан жетпис адам таўға көтерилип, Мениң алдыма келиңлер ҳәм узақта турып тәжим етиңлер.
2 Тек сен ғана Маған жақынла, басқа ҳеш ким жақын келмесин. Халық сениң менен бирге таўға шықпасын.
3 Муўса барып, Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин ҳәм нызамларын халыққа билдирди. Ҳәмме бир аўыздан: – Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, – деп жуўап берди.
4 Соннан кейин Муўса Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жазып қойды. Ол ертеңине азанда таўдың етегине қурбанлық орын қурды. Израилдың он еки урыўының белгиси ретинде он еки тас орнатты.
5 Соңынан ол Жаратқан Ийеге арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берип, татыўлық қурбанлығы ушын буғаларды сойыўға Израилдың жас жигитлерин жиберди.
6 Муўса қанның ярымын ләгенлерге қуйды. Ал қалған ярымын қурбанлық орынға серпип жиберди.
7 Кейин келисим китабын алып, халыққа оқып берди. Халық: «Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, Оған қулақ асамыз», – деди.
8 Сонда Муўса ләгенлердеги қанды халыққа сеўип: «Бул – усы айтылған ҳәмме сөзлерге тийкарланып, Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисиминиң қаны», – деди.
9 Соннан соң, Муўса, Харон, Надаб, Абиҳу ҳәм Израил ақсақалларынан жетписи таўға шығып,
10 Израилдың Қудайын көрди. Қудайдың аяқлары астына лазурит тасына уқсас, аспан сыяқлы тынық бир нәрсе төселген еди .
11 Израил басшылары Қудайды көрсе де, Қудай оларға зыян тийгизбеди. Олар сол жерде ишип-жеди.
12 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Таўға, Мениң жаныма келип, усы жерде күтип тур. Халыққа үйретиў ушын, тегис еки тасқа жазылған нызам ҳәм буйрықларды беремен, – деди .
13 Солай етип, Муўса ҳәм оның жәрдемшиси Ешуа жолға атланды. Муўса Қудайдың таўына шығып баратырып,
14 ақсақалларға: – Бизлер қайтып келгенше, усы жерде күтип турыңлар. Харон менен Хур сизлер менен бирге болады. Кимниң қандай иси болса, соларға айтсын, – деди.
15 Муўса таўға шыққанда, таўды булт қаплады.
16 Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты Синай таўына түсти. Булт таўды алты күн қаплап турды. Жетинши күни Жаратқан Ийе булттың ишинен Муўсаны шақырды.
17 Израиллыларға Жаратқан Ийениң салтанаты таўдың төбесинде жалмап жутатуғын от сыяқлы болып көринди.
18 Муўса булт ишине кирип, таўға шықты. Ол қырық күн ҳәм қырық түн таўда қалды.