Шыгыу 25 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израиллыларға айт, Маған садақа алып келсин. Шын жүреги менен берген ҳәр бир адамның садақасын қабыл етиңлер.
3 Олардан қабыл ететуғын садақаларыңыз мыналар: алтын, гүмис, қола,
4 жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплер ҳәм ҳасыл зығыр жиби, ешкиниң жүни,
5 қызылға боялған қошқар териси, жумсақ тери ҳәм акация ағашы,
6 шыралар ушын зәйтүн майы, майлаў рәсимине арналған май ушын ҳәм түтетки ушын хош ийисли затлар,
7 бас руўханийдиң эфодына ҳәм қалталы өңиршесине тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар.
8 Арасында жасаўым ушын, израиллылар Маған арнап, Мухаддес мәкан таярласын.
9 Мухаддес шатырды ҳәм оның буйымларын Мен саған көрсеткен үлгиге сай қылып ислеңлер.
10 Акация ағашынан сандық ислеңлер. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ болсын.
11 Сандықтың иши-сыртын сап алтын менен қаплат. Ал ернегине алтын жийек салдыр.
12 Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйдырып, төрт туяғына орнаттыр: екеўи бир жағында, қалған екеўи екинши жағында болсын.
13 Соңынан акация ағашынан сырықлар ислетип, оларды алтын менен қаплат.
14 Сандықты көтерип жүриў ушын, сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткиз.
15 Сырықлар ҳалқалардан айырып алынбай, ҳәмме ўақыт ҳалқаларға киргизиўли турсын.
16 Мен саған беретуғын келисим буйрықлары жазылған еки тасты сандықтың ишине салып қой.
17 Сандықтың қақпағын да сап алтыннан ислет. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ болсын.
18 Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керуб шөккишлеп соқтыр.
19 Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал басқасы екинши шетинде болып, олар қақпақ пенен бир тутас қылып исленсин.
20 Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турсын.
21 Қақпақты сандықтың үстине, Мен саған беретуғын тасларды болса, сандықтың ишине қой.
22 Мен сениң менен сол жерде, Келисим сандығының үстиндеги керублар арасында, яғный қақпақтың үстинде ушырасып, израиллылар ушын саған буйрықлар беремен.
23 – Акация ағашынан бир стол ислет. Оның узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болсын.
24 Столды сап алтын менен қаплатып, ернегине алтын жийек салдыр.
25 Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислетип, оны алтын жийек пенен қаплат.
26 Стол ушын төрт алтын ҳалқа ислетип, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяққа орнат.
27 Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар қапталларға жақын орнатылсын.
28 Сырықларды акация ағашынан ислетип, оларды сап алтын менен қаплат. Столды усы сырықлар жәрдеминде көтеретуғын болсын.
29 Және де, стол ушын сап алтыннан табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын гүзелер ҳәм кеселер ислет.
30 Мениң алдымдағы столда бәрқулла усынылған нанлар турсын.
31 – Сап алтыннан шыра қойғыш ислет. Оның ултаны, балдағы, шақалары, гүллери ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары өзи менен бир тутас болып шөккишлеп исленсин.
32 Шыра қойғыштың еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турсын.
33 Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары болсын.
34 Шыра қойғыштың балдағында бадам гүлине уқсас төрт гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары болсын.
35 Шыра қойғыштан шығып туратуғын алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли- изинен дизилип турсын.
36 Шыра қойғыш гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп исленсин.
37 Шыра қойғыш ушын жети шыра ислет. Шыраларды шыра қойғыштың алды бетине жақты түсирип туратуғындай етип орнат.
38 Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдыслар да сап алтыннан болсын.
39 Шыра қойғыш ҳәм оның барлық буйымлары бир талант* сап алтыннан исленсин.
40 Абайлы бол, булардың ҳәммесин саған таўда көрсетилген үлгилер бойынша исле.