Шыгыу 26 bob
1 – Ал Мухаддес шатырды он пердеден қур. Перделер ҳасыл зығыр жиптен, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден исленип, үстине керублардың сүўретлери шеберлик пенен кестеленсин.
2 Ҳәр бир пердениң узынлығы жигирма сегиз шығанақ, ени төрт шығанақ болсын. Ҳәмме пердениң өлшеми бирдей болсын.
3 Перделер бесеў-бесеўден бир-бирине қосып тигилсин.
4 Биринши бес пердениң шетине қызғыш көк жиптен илгеклер ислет. Екинши перделерге де солай ислет.
5 Биринши бес пердениң дәслепки пердесине елиў, екинши бес пердениң соңғы пердесине елиў илгек тиктир. Илгеклер бир-бирине қарама-қарсы жайласқан болсын.
6 Және де, елиў алтын илмек ислетип, олар жәрдеминде перделерди бир-бирине бириктир. Сонда шатыр бир тутас болады.
7 Мухаддес шатырдың үстин жабыў ушын, ешки жүнинен он бир перде ислет.
8 Ҳәр бир пердениң узынлығы отыз шығанақ, ени төрт шығанақ болсын. Он бир пердениң өлшеми бирдей болсын.
9 Бес пердени бир бөлек, қалған алты пердени бир бөлек қылып, бир-бири менен бириктир. Алтыншы пердени шатырдың алды бетине еки қабатлап бүклеп қойғыз.
10 Солай етип, бириктирилген еки бөлек перделерди бир-бирине қосыў ушын, ҳәр бир бөлектиң шетлерине елиў-елиўден илгек ислет.
11 Тағы да, қоладан елиў илмек ислет. Илгеклерди илмеклер менен илдирип, шатырдың перделерин бир тутас қылып бириктир.
12 Шатырдың перделеринен аўысқан ярым перде шатырдың арт жағына асып қойылсын.
13 Ал перделердиң узынлығынан аўысқан бир шығанақ таўар шатырдың еки жағынан төмен салбырап, шатырды жаўып турсын.
14 Шатыр ушын қызылға боялған қошқар терисинен жапқыш, оның үстине жумсақ териден сыртқы жапқыш ислет.
15 Акация ағашынан шатыр ушын тиккесине туратуғын тахтайлар ислет.
16 Ҳәр бир тахтайдың узынлығы он шығанақ, ени бир ярым шығанақ болсын.
17 Ҳәр бир тахтайдың астына бир-бирине қатарластырып, еки туяқтан өзинен шығарып ислет. Шатырдың ҳәмме тахтайларын усылай ислет.
18 Шатырдың қубла тәрепи ушын жигирма тахтай ислет.
19 Усы жигирма тахтайдың астына қойылатуғын қырық гүмис ултан ислет. Ҳәр бир тахтайдың туяғының астында бир ултаннан болыўы ушын, ҳәр бир тахтайға еки ултаннан ислет.
20 Шатырдың арқа тәрепи ушын жигирма тахтай ислет.
21 Ал ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, қырық гүмис ултан ислет.
22 Шатырдың батысқа қараған арт жағы ушын алты тахтай,
23 шатырдың артындағы мүйешлер ушын еки тахтай ислет.
24 Бул мүйешлердеги тахтайлар төменнен жоқарыға дейин жупласып, жоқарыдағы бир ҳалқа менен бириктириледи. Еки мүйеш те усылай исленсин.
25 Солай етип, сегиз тахтай ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, он алты гүмис ултан болады.
26 Акация ағашынан шатырдың бир тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада,
27 екинши тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада ҳәм артындағы, яғный батыс тәрепиндеги тахтайлар ушын да бес қада ислет.
28 Ал тахтайлардың орта белинен өтетуғын қадаларды шатырдың бир шетинен екинши шетине жететуғын қылып ислет.
29 Тахтайларды ҳәм қадаларды алтын менен қаплатып, қадалар өткерилетуғын ҳалқаларды алтыннан ислет.
30 Мухаддес шатырды таўда өзиңе көрсетилген үлги бойынша ислет.
31 Жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен бир перде ислет. Оның үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестелет.
32 Акация ағашынан төрт бақан ислетип, оларды төрт гүмис ултанға орнат. Бақанларды алтын менен қаплатып, оларға алтын айры илдиргишлер илдир ҳәм усы илдиргишлерге пердени қыстыр.
33 Пердени шатырдың жоқарысындағы илмеклердиң төменине, айры илгишлерге илдир ҳәм ишки тәрепине Келисим сандығын киргизип қой. Бул перде Мухаддес бөлме менен Ең мухаддес бөлмени бир- биринен айырып турады.
34 Қақпақты Ең мухаддес бөлмеде болған Келисим сандығының үстине қой.
35 Столды пердениң сыртқы жағына, шатырдың арқаға қараған тәрепине орналастыр. Шыра қойғышты столдың қарсысына, шатырдың қубла тәрепине қой.
36 Шатырдың кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслы перде тоқыт.
37 Пердени илдириў ушын, акация ағашынан бес бақан ислетип, оларды алтын менен қаплат ҳәм үстине алтын айры илдиргишлер орнат. Бақанлар ушын қоладан исленген бес ултан қуйдыр.