Шыгыу 27 bob

Қурбанлықлар жандырылатуғын орын (1-8). Мухаддес шатыр ҳәўлиси (9-19). Шыралар ушын май (20-21)

 
1 Акация ағашынан төрт мүйешли қылып, қурбанлық орын дүзет. Орынның узынлығы да, ени де бес шығанақ, ал бийиклиги үш шығанақ болсын.
2 Оның төрт мүйешине өзинен шығып туратуғын шақлар ислеп, орынды ҳәм шақларын қола менен қаплат.
3 Орын ушын күлге арналған ыдыслар менен белшелер, қан себетуғын табақлар, шанышқылар ҳәм шоқ салынатуғын ыдыслар ислет. Олардың ҳәммесин қоладан ислет.
4 Қурбанлық орынға қоладан тор сыяқлы нағыс ҳәм оның төрт мүйешине қоладан төрт ҳалқа ислет.
5 Тор нағысты қурбанлық орынның ортасына жететуғындай қылып, жийегиниң астынан ислет.
6 Орын ушын акация ағашынан сырықлар ислетип, оларды қола менен қаплат.
7 Қурбанлық орынды көтерип жүриў ушын, орынның еки жағындағы ҳалқалардан усы сырықларды өткизип қой.
8 Орын тахтайдан исленип, иши бос болсын. Орынды таўда саған көрсетилгендей қылып ислет.
9 – Мухаддес шатырдың ҳәўлисин қур. Ҳәўлиниң қубла тәрепине узынлығы жүз шығанақ болған, ҳасыл зығыр жиптен тоқылған перделер тақ.
10 Перделер ушын қоладан исленген жигирма ултанға жигирма бақан орнат. Ал бақанның айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын.
11 Арқа тәрепи ушын да узынлығы жүз шығанақ болған перделер, жигирма бақан ҳәм бақанлар ушын қоладан жигирма ултан исленсин. Бақанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын.
12 Ҳәўлиниң батыс тәрепи ушын узынлығы елиў шығанақ болған перде, он бақан ҳәм оған он ултан исленсин.
13 Ҳәўлиниң шығысқа қараған алдынғы тәрепиниң кеңлиги елиў шығанақ болсын.
14 Усы кирер аўыздың бир тәрепинде узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан болсын.
15 Оның екинши тәрепинде де узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан болсын.
16 Ҳәўлиниң кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден, және де, ҳасыл зығырдан узынлығы жигирма шығанақ болған нағыслы перде тоқыт. Оған төрт бақан ҳәм төрт ултан исленсин.
17 Ҳәўлиниң әтирапындағы барлық бақанлар гүмис карнизлер ҳәм гүмис айры илдиргишлер менен бириктирилсин. Олардың ултанлары қола болсын.
18 Ҳәўлиниң узынлығы жүз, ени елиў, ал әтирапындағы ҳасыл зығыр жибинен тоқылған перделердиң бийиклиги бес шығанақ болсын. Ултанлар қоладан болсын.
19 Шатырға тийисли барлық затлары, шатырдың ҳәм ҳәўлиниң барлық қазықлары қоладан болсын.
20 – Шыралар ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, Израил халқына сапалы зәйтүн майынан әкелиўди буйыр.
21 Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында, кештен таңға дейин шыралардың Мениң алдымда жаныўын тәмийинлесин. Бул израиллылар ушын әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.