Шыгыу 30 bob

Түтетки түтетилетуғын орын (1-10). Мухаддес шатыр ушын төленетуғын қун (10-21). Майлаў рәсимине арналған май (22-38)

 
1 – Түтетки түтетиў ушын, акация ағашынан түтетки түтетилетуғын орын ислет.
2 Ол төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ, бийиклиги еки шығанақ болып, өзинен шығып туратуғын шақлары менен бир тутас қылып исленсин.
3 Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек ислет.
4 Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнат. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизиледи.
5 Сырықларды акация ағашынан ислетип, алтын менен қаплат.
6 Орынды Келисим сандығының, яғный сандықтың үстиндеги гүнадан пәклеў қақпағының алдындағы пердениң сыртына, Мен сениң менен ушырасатуғын жердиң сыртына қой.
7 Харон ҳәр күни азанда шыраларды таярлағанда, орынның үстинде хош ийисли түтетки түтетсин.
8 Ал кешқурын шыраларды жаққанда, және түтетки түтетсин. Солай етип, Мениң алдымда әўладлар бойы түтетки үзликсиз жанып турады.
9 Орынның үстинде жат болған түтетки түтетпең ҳәм бунда жандырылатуғын қурбанлық та, ғәлле садақасын да бермең. Оның үстине ишимлик садақасын да қуймаң.
10 Харон жылына бир рет гүналардың кеширилиўи ушын берилген қурбанлықтың қанын түтетки түтетилетуғын орынның шақларына жағып, орынды тазалайды. Бул ҳәр жылы, әўладлар бойы даўам етсин. Орын Маған, Жаратқан Ийеге бағышланған болып, жүдә мухаддесдур.
11 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
12 – Израиллылардың есабын алғаныңда, есаптан өткен ҳәр бир адам өз жаны ушын Маған қун төлесин. Сонда олардың есабын алғаныңда, оларға апат келтирмеймен.
13 Есаптан өтетуғын ҳәр бир адам Маған Мухаддес орын өлшеми менен ярым шекел гүмис нәзир берсин. Бир шекел жигирма герадан ибарат.
14 Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өтетуғын адамлар Маған нәзир бериўи тийис.
15 Жаныңыздың қуны сыпатында усы нәзирди бергениңизде, бай адам ярым шекелден артық, ал жарлы адам ярым шекелден кем бермеўи керек.
16 Израиллылардың қун сыпатында берген гүмислерин алып, Ушырасыў шатырының хызметинде қоллан. Бул Жаратқан Ийениң алдында жанларыңыздың қуны төленгенин еслетип турады.
17 Және Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
18 – Жуўыныў ушын, қоладан үлкен ләген ислет. Оның туяқлары да қоладан болсын. Ләгенди Ушырасыў шатыры менен қурбанлық орынның
19 Харон ҳәм оның уллары аяқ-қолларын оған жуўады.
20 Олар Ушырасыў шатырына кирместен, яғный Жаратқан Ийеге сыйлар түтетип жандырыў ушын қурбанлық орынға жақынламастан алдын, өлип қалмаўы ушын, суўға жуўынып алыўы тийис.
21 Өлип қалмаўы ушын олар аяқ-қолларын жуўсын. Харон ҳәм оның урпақлары ушын бул мәңги қағыйда болып қалады.
22 Жаратқан Ийе Муўсаға тағы былай деди:
23 – Мына ең жақсы хош ийисли затларды ал: 500 шекел суйық мирра, оның ярымына тең, 250 шекел корица, 250 шекел ийисли қамыс
24 ҳәм 500 шекел кассия. Ҳәммеси Мухаддес орын өлшеми менен өлшенсин. Бир ҳин зәйтүн майын алып,
25 буларды шеберлик пенен араластырып, хош ийисли мухаддес май исле. Ол майлаў рәсимине арналған мухаддес май болады.
26 Бул майды Ушырасыў шатырына, Келисим сандығына,
27 столға, шыра қойғышқа ҳәм оларға тийисли ҳәмме буйымларға, түтетки түтетилетуғын орынға,
28 қурбанлық жандырылатуғын орынға ҳәм оның ҳәмме буйымларына, үлкен ләгенге ҳәм оның туяқларына серпип шық.
29 Сол тәризде оларды мухаддес қыл. Сонда олар жүдә мухаддес болады. Оларға тийген ҳәр бир нәрсе де мухаддес болады.
30 Соң, руўханий болып Маған хызмет етиўи ушын, Харон ҳәм оның улларын майлап, оларды бағышла.
31 Ал израиллыларға былай деп айт: «Бул майлайтуғын мухаддес май әўладлар даўамында тек Мен ушын қолланылады.
32 Оны басқа адамлардың денесине жағыўға болмайды. Усындай қурамдағы майды өзлериңизге таярламаңлар. Ол мухаддес ҳәм сизлер ушын да мухаддес болыўы керек.
33 Ким де ким усындай майды таярлап, оны руўханий болмаған адамға жақса, ол Израил халқы арасынан жоқ қылынады».
34 Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мына хош ийисли затларды: бальзамды, моллюск бақаншағын, галбан шайырын ҳәм таза ливан шайырын ал. Олардың ҳәммеси бирдей мөлшерде болсын.
35 Буларды шеберлик пенен араластырып, түтетки исле. Олар дузланған, сап ҳәм мухаддес болады.
36 Оның бир бөлегин алып, майдалап унта ҳәм Мениң сен менен ушырасатуғын Ушырасыў шатырымдағы Келисим сандығының алдына қой. Сизлер ушын ол жүдә мухаддес болады.
37 Өзлериңиз ушын усындай қурамдағы түтетки ислемеңлер. Оны Жаратқан Ийеге арналған мухаддес деп санаңлар.
38 Ким де ким өзи ушын түтетиўге усындай түтетки ислесе, ол халық арасынан жоқ қылыныўы тийис.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.