Шыгыу 31 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Минекей, Мен Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалелди таңладым.
3 Оны Қудайдың Руўхына толтырып, оған өнерментшиликтиң барлық тараўларында қәбилет, уқып ҳәм шеберлик бердим.
4 Ол алтын, гүмис ҳәм қоладан көркем ислерин ислеўге,
5 ҳасыл тасларды жонып қондырыўға, ағаш усташылығы бойынша ҳәм ҳәр түрли өнерментшилик ислерин ислеўге қәбилетли.
6 Және де, Дан урыўынан болған Ахисамахтың улы Оҳолиабты оған жәрдемши қылып бердим. Саған буйырған ислеримниң ҳәммесин ислей алыўы ушын, Мен оларға жәрдем беретуғын барлық адамларға айрықша қәбилет бердим.
7 Олар Ушырасыў шатырын, Келисим сандығын, сандықтың үстиндеги қақпақты, шатырдағы барлық буйымларды,
8 стол ҳәм оның буйымларын, сап алтын шыра қойғышты ҳәм оның буйымларын, түтетки түтетилетуғын орынды,
9 қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм орынның ҳәмме буйымларын, үлкен ләген ҳәм оның туяқларын,
10 сондай-ақ, руўханий Харон ушын әжайып қылып тигилген мухаддес кийимлерди, оның улларының руўханийлик кийимлерин,
11 майлайтуғын зәйтүн майын, Мухаддес орын ушын хош ийисли түтеткини, улыўма ҳәммесин Мениң саған буйырғанымдай қылып ислесин.
12 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
13 – Израиллыларға мыналарды айт: «Мениң Шаббатыма әмел қылыңлар. Себеби бул Мен ҳәм Израил халқы арасындағы әўладлар бойы даўам ететуғын бир нышан болады. Солай етип, Жаратқан Ийе екенимди ҳәм сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылғанымды билип аласызлар.
14 Шаббат күнине әмел қылыңлар. Өйткени бул сизлер ушын мухаддес. Ким де ким оны хорласа, ол сөзсиз өлтирилсин. Сол күни жумыс ислеген ҳәр бир адам өз халқының арасынан жоқ қылыныўы тийис.
15 Алты күн жумыс ислеңлер, бирақ жетинши күн Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни. Усы күни жумыс ислеген ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин.
16 Израиллылар мәңги келисим сыпатында Шаббат күнин, әўладлар даўамында сақласын.
17 Бул Мениң менен израиллылар арасындағы мәңгилик бир нышан болады. Себеби Мен, Жаратқан Ийе аспан ҳәм жерди алты күнде жараттым, ал жетинши күни дем алып, ҳәллендим».
18 Солай етип, Қудай Синай таўында Муўса менен сөйлесип болып, оған буйрықлар жазылған еки тасты берди. Қудай бул буйрықларды тасларға Өз қолы менен жазған еди.