Шыгыу 33 bob

Синайдан кетиўге таярлық

1 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Барыңлар, өзиң де, сен Мысыр жеринен алып шыққан халқың да бул жерди тәрк етип, Мен Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа: «Бул жерди сениң урпақларыңа беремен», – деп ант ишкен жериме кетиңлер.
2 Мен сениң алдыңнан Өз периштемди жиберип, қанан, амор, хет, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сол жерден қуўып шығараман.
3 Ол сизлерди сүт ҳәм пал аққан жерге баслап барады. Мениң Өзим сизлер менен бармайман, себеби сизлер қайсар халықсыз. Болмаса, сизлерди жолда жоқ қылып жибериўим мүмкин.
4 Халық бул жаман хабарды еситип, қайғыға түсти ҳәм ҳеш ким безениў буйымларын тақпады.
5 Өйткени Жаратқан Ийе Муўсаға: «Израиллыларға былай де: „Сизлер қайсар халықсыз. Егер Мен бир сәт-ақ сизлер менен бирге барсам, сизлерди жоқ қылыўым мүмкин. Енди безениў буйымларыңызды шешип қойыңлар. Ал сизлерге не ислейтуғыным ҳаққында бир қарарға келемен“», – деген еди.
6 Сонлықтан израиллылар Хореб таўынан шығып кеткеннен кейин безениў буйымларын шешип таслады.
7 Муўса орданың сыртына, ордадан узағырақ жерге шатыр тигетуғын еди. Ол бул шатырды «Ушырасыў шатыры» деп атаған еди. Жаратқан Ийе менен мәсләҳәтлесиўди қәлеген адам орданың сыртындағы Ушырасыў шатырына келетуғын еди.
8 Муўса шатырға қарай кеткенде, пүткил халық орнынан туратуғын еди. Ҳәр бир адам өз шатырының кирер аўзында турып, Муўса ишке киргенше изинен қарап туратуғын еди.
9 Муўса шатырға кирип, Жаратқан Ийе менен сөйлескенде, минара сыяқлы булт төмен түсип, шатырдың кирер аўзының алдында туратуғын еди.
10 Булттың шатырдың алдында турғанын көрген ҳәр бир адам орнынан турып, өз шатырының кирер аўзында сыйынатуғын еди.
11 Жаратқан Ийе Муўса менен жүзбе-жүз, дос сыяқлы сөйлесетуғын еди. Кейин Муўса ордаға қайтып келетуғын еди. Бирақ оның жас жәрдемшиси Нун улы Ешуа шатырды тәрк етпейтуғын еди.
12 Соңынан Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Сен маған: «Бул халықты баслап алып жүр», – дейсең. Бирақ мениң менен кимди жиберетуғыныңды айтпадың. Маған: «Сени жақыннан таныйман, сен Мениң мийримиме еристиң», – деген едиң.
13 Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, өтинемен, маған Өз жолыңды көрсет. Сени еле де жақсы билип, мийримиңе ерисип барайын. Бул халықтың Өз халқың екенин умытпа.
14 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Өзим Сениң менен бирге бараман ҳәм сени тынышлыққа еристиремен, – деди.
15 Ал Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Егер Сениң Өзиң бизлер менен бирге бармасаң, бизлерди бул жерден шығарма.
16 Болмаса, мен ҳәм халқың Сениң мийримиңе ерискенимизди қалай билиўге болады? Сениң бизлерге жолдас болғаныңнан емес пе? Тек усы арқалы ғана мен ҳәм Сениң халқың жер жүзиндеги басқа халықлардан айырылып турамыз.
17 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Айтқаныңдай ислеймен. Себеби сен Мениң мийримиме еристиң ҳәм сени атың арқалы таныйман, – деди.
18 Сонда Муўса Оған: – Маған салтанатыңды көрсет, – деди.
19 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мен пүткил ийгилигимди сениң алдыңнан алып өтип, алдыңда Өзимниң «Жаратқан Ийе» деген атымды жәриялайман. Кимге мийрим- шәпәәтимди бериўди қәлесем, соған мийрим-шәпәәтимди беремен. Кимге реҳим етиўди қәлесем, соған реҳим етемен.
20 Тек Мениң жүзимди көре алмайсаң. Өйткени Мениң жүзимди көрген адам тири қалмайды.
21 Маған жақын жерде жартас бар. Сен сол жартастың үстинде тур.
22 Салтанатым жаныңнан өтип баратырғанда, сени жартастың жарығына турғызып қойып, өтип кеткенимше, сени қолым менен жаўып тураман.
23 Кейин қолымды алғанымда, сен Мени артымнан көресең. Бирақ жүзимди көрмейсең.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.