Шыгыу 35 bob
1 Муўса Израил халқының пүткил жәмийетин шақырып алып, оларға былай деди: – Жаратқан Ийе мына ислерди ислеўиңизди буйырды:
2 алты күн жумыс ислең. Бирақ жетинши күн сизлер ушын Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни болады. Сол күни жумыс ислеген ҳәр бир адам өлтириледи.
3 Шаббат күни өз шаңарақларыңызда от та жақпаң.
4 Муўса Израил халқының пүткил жәмийетине былай деди: – Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў:
5 өзлериңизде барынан Жаратқан Ийеге нәзир бериңлер. Оған шын кеўилден бериўди қәлеўшилер мына нәрселерди берсин: алтын, гүмис, қола,
6 жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиби, ешкиниң жүни,
7 қызылға боялған қошқар териси, жумсақ тери ҳәм акация ағашы,
8 шыралар ушын зәйтүн майы, майлаў рәсими ҳәм хош ийисли түтетки ушын хош ийисли затлар,
9 бас руўханийдиң эфодына ҳәм қалталы өңиршесине тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар.
10 Араңыздағы барлық уқыплы адамлар келип, Жаратқан Ийениң буйырғанларының ҳәммесин ислесин. Олар мыналарды:
11 Мухаддес шатырды, оның ишки ҳәм сыртқы жапқышларын, илмеклерин, тахтайларын, қадаларын, бақанларын, ултанларын,
12 Келисим сандығы ҳәм оның сырықларын, қақпақты, бөлмени жаўып туратуғын пердени,
13 стол ҳәм оның сырықларын, столдың барлық буйымларын ҳәм усынылған нанларды,
14 жақты түсириў ушын шыра қойғышты, оның буйымларын, оның шыраларын ҳәм шыралар ушын зәйтүн майын,
15 түтетки түтетилетуғын орын менен оның сырықларын, майлаў рәсими ушын зәйтүн майын, хош ийисли түтеткини, Мухаддес шатырдың кирер аўзындағы пердени,
16 қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм оның қола торын, сырықларын ҳәм барлық буйымларын, үлкен ләгенди ҳәм оның туяқларын,
17 ҳәўлиниң перделерин, бақанларын, бақанның ултанларын, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердени,
18 Мухаддес шатырдың қазықларын, ҳәўлиниң қазықларын ҳәм арқанларын,
19 Мухаддес орында хызмет етиўге арналып, әжайып қылып тигилген кийимлерди – руўханий Харонның мухаддес кийимлерин ҳәм оның улларының руўханийлик кийимлерин ислесин.
20 Соңынан Израил халқының пүткил жәмийети Муўсаның қасынан кетти.
21 Жүрегинде қәлеў ҳәм тилеги бар адамлар Ушырасыў шатырының қурылысы, ондағы хызмет ҳәм мухаддес кийимлер ушын, Жаратқан Ийеге садақалар алып келди.
22 Солай етип, жүрегинде қәлеўи бар ҳәр бир еркек ҳәм ҳаял ҳәр түрли алтын буйымларды: билезик, сырға, жүзик ҳәм ҳәйкеллерди әкелип, Жаратқан Ийеге бағышлап, усынды.
23 Кимде жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип, ҳасыл зығыр, ешки жүни, қызылға боялған қошқар териси ҳәм жумсақ тери болса, алып келди .
24 Гүмис ҳәм қоланы садақа қылып бере алғанлар да оларды Жаратқан Ийеге арнады. Кимде акация ағашы болса, оны шатырдың мүтәжликлери ушын алып келди.
25 Жип ийириўге уқыплы барлық ҳаяллар өз қоллары менен ийирген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерди ҳәм ҳасыл зығыр жиплерди алып келди.
26 Жүн ийирип билетуғын, жүрегинде қәлеўи бар барлық ҳаяллар да ешки жүнин ийирди.
27 Басшылар эфодқа ҳәм қалталы өңиршеге тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар,
28 шыралар ушын, майлаў ушын ҳәм хош ийисли түтетки ушын хош ийисли затлар менен зәйтүн майын алып келди.
29 Ҳаял, еркек, жүрегинде қәлеўи бар барлық израиллылар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы ислеўди буйырған ислери ушын, Жаратқан Ийеге ықтыярлы садақалар берди.
30 Муўса израиллыларға былай деди: – Қараңлар, Жаратқан Ийе Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалелди таңлап алды.
31 Оны Қудайдың Руўхына толтырып, оған өнерментшиликтиң барлық тараўларында қәбилет, уқып ҳәм шеберлик берди.
32 Солай етип, оған алтын, гүмис ҳәм қоладан көркем өнер ислеўге,
33 ҳасыл тасларды жонып қондырыўға, ағаш усташылығы бойынша ҳәм ҳәр қыйлы көркем өнер ислерин ислеўге қәбилет берди.
34 Жаратқан Ийе оған ҳәм Дан урыўынан болған Ахисамах улы Оҳолиабқа басқаларға үйретиў уқыбын да берди.
35 Бул адамлардың ҳәр қандай исти ислей алыўы ушын, оларға усташылық, безеўшилик, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығырдан тоқымашылық ҳәм ҳәр түрли өнерментшилик ислерин ислеў айрықша қәбилетин берди.