1 – Бесалел, Оҳолиаб ҳәм Жаратқан Ийе Мухаддес шатырды қурыў ушын қәбилет, уқып ҳәм шеберлик берген барлық адамлар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып ислесин.
2 Муўса Бесалелди, Оҳолиабты ҳәм Жаратқан Ийе қәбилет берген, ислеўге қәлеўи бар барлық адамларды жумысқа шақырды.
3 Келгенлер Мухаддес шатырды қурыў ушын, израиллылар әкелген барлық садақаларды Муўсадан алды. Израиллылар ҳәр күни азанда ықтыярлы садақаларын Муўсаға әкелиўди даўам етти.
4 Сонда Мухаддес шатырды қурыў ислери менен шуғылланып атырған усталар ислерин қалдырып,
5 Муўсаның жанына келди де: – Халық Жаратқан Ийе буйырған ис ушын керегинен зыят алып келмекте, – деди.
6 Сонда Муўса халыққа жәрияланыўы ушын мынадай буйрық берди: «Енди бирде бир еркек те, ҳаял да Мухаддес шатыр ушын ҳеш нәрсе әкелмесин». Солай етип, халық садақа әкелиўди тоқтатты.
7 Себеби сол ўақытқа дейин әкелингенлер исти питкериўге жететуғын, ҳәтте, аўысып та қалатуғын еди.
8 Ислеўшилер арасындағы уқыплы адамлар шатырды он пердеден қурды. Оларды ҳасыл зығыр жиптен, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден ислеп, үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи.
9 Ҳәр бир пердениң узынлығы жигирма сегиз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Перделердиң ҳәммеси бир өлшемде болды.
10 Олар перделерди бесеў-бесеўден бир-бирине қосып тикти.
11 Биринши бес пердениң шетине қызғыш көк жиптен илгеклер тикти. Екинши бес пердениң шетине де солай иследи.
12 Биринши бес пердениң дәслепки пердесине елиў, екинши бес пердениң соңғы пердесине елиў илгек тикти. Илгеклер бир-бирине қарама-қарсы жайласқан еди.
13 Соңынан елиў алтын илмек ислеп, олар жәрдеминде перделерди бир-бирине бириктирди. Сол тәризде шатыр бир тутас болды.
14 Және де, Мухаддес шатырдың үстин жабыў ушын, ешки жүнинен он бир перде иследи.
15 Ҳәр бир пердениң узынлығы отыз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Он бир перде де бир өлшемде болды.
16 Олар бес пердени бир бөлек, қалған алты пердени бир бөлек қылып, бир-бири менен бириктирди.
17 Усы бириктирилген еки бөлек перделерди бир-бирине қосыў ушын, ҳәр бир бөлектиң шетлерине елиў-елиўден илгек тикти.
18 Шатырдың перделерин бир тутас қылып бириктириў ушын, қоладан елиў илмек иследи.
19 Шатыр ушын қызылға боялған қошқар терисинен бир жапқыш, оның үстине жумсақ териден сыртқы жапқыш иследи.
20 Тағы да, олар акация ағашынан шатыр ушын тиккесине туратуғын тахтайлар иследи.
21 Ҳәр бир тахтайдың узынлығы он шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди.
22 Ҳәр бир тахтайдың астына бир-бирине қатарластырып, еки туяқтан өзинен шығарып иследи. Шатырдың ҳәмме тахтайларын усылай иследи.
23 Ал шатырдың қубла тәрепи ушын жигирма тахтай иследи.
24 Усы жигирма тахтайдың астына қойылатуғын қырық гүмис ултан иследи. Ҳәр бир тахтайдың туяғының астында бир ултаннан болыўы ушын, ҳәр бир тахтайға еки ултаннан иследи.
25 Шатырдың арқа тәрепи ушын жигирма тахтай
26 ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, қырық гүмис ултан иследи.
27 Ал шатырдың батысқа қараған арт жағы ушын алты тахтай
28 ҳәм шатырдың артындағы мүйешлер ушын еки тахтай иследи.
29 Бул мүйешлердеги тахтайлардың алдынғы тәрепи бөлек қалып, жоқарғы тәрепи жупласып, бир ҳалқа менен бириктирилди. Еки мүйеш те усылай исленди.
30 Солай етип, сегиз тахтай ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, он алты гүмис ултан исленди.
31 Акация ағашынан шатырдың бир тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада,
32 екинши тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада ҳәм артындағы, яғный батыс тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада иследи.
33 Және де, тахтайлардың орта белинен өтетуғын қадаларды шатырдың бир шетинен екинши шетине жететуғын қылып иследи.
34 Тахтайларды ҳәм қадаларды алтын менен қаплап, қадалар өткерилетуғын ҳалқаларды алтыннан иследи.
35 Жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен бир перде иследи. Оның үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи.
36 Перде ушын акация ағашынан төрт бақан ислеп, оларды алтын менен қаплады. Олардың айры илдиргишлери де алтын еди. Бақанлар ушын төрт гүмис ултан қуйды.
37 Шатырдың кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслы перде тоқыды.
38 Пердени тағыў ушын айры илдиргиши бар бес бақан ислеп, олардың жоқарысын ҳәм карнизлерин алтын менен қаплады. Ал бақанлар ушын қоладан бес ултан иследи.