Шыгыу 37 bob

Келисим сандығының ислениўи (1-9). Усынылған нанлар қойылатуғын стол (10-16). Шыра қойғыштың ислениўи (17-24). Түтетки түтетилетуғын орын қурыў (25-29)

1 Бесалел акация ағашынан Келисим сандығын иследи. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ еди.
2 Сандықтың иши-сыртын алтын менен қаплады. Ал ернегине алтыннан жийек салды.
3 Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды төрт туяғына орнатты: екеўин бир жағына, қалған екеўин екинши жағына орнатты.
4 Акация ағашынан сырықлар ислеп, оларды алтын менен қаплады.
5 Сандықты көтерип жүриў ушын, бул сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткерди.
6 Сандықтың қақпағын сап алтыннан иследи. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди.
7 Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керубты шөккишлеп соқты.
8 Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал екиншиси екинши шетинде болып, оларды қақпақ пенен бир тутас қылып иследи.
9 Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турған еди.
10 Кейин акация ағашынан узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болған бир стол иследи.
11 Столды сап алтын менен қаплап, ернегине алтын жийек салды.
12 Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислеп, оны алтын жийек пенен қаплады.
13 Стол ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяғына беккемледи.
14 Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар столдың қапталларына жақын еди.
15 Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады.
16 Стол ушын керекли буйымларды – табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди сап алтыннан иследи.
17 Олар сап алтыннан шыра қойғыш иследи. Оның ултанын, балдағын, шақаларын, шанақларын, гүллерин ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажларын өзи менен бир тутас етип шөккишлеп иследи.
18 Шыра қойғыштың еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турды.
19 Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди.
20 Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди.
21 Шыра қойғыштан шығып турған алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли-изинен дизилип туратуғын еди.
22 Шыра қойғышты гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп иследи.
23 Шыра қойғыш ушын жети шыра иследи. Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды сап алтыннан иследи.
24 Шыра қойғыш ҳәм оның барлық буйымлары бир талант сап алтыннан исленди.
25 Акация ағашынан төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ ҳәм бийиклиги еки шығанақ болған түтетки түтетилетуғын орын қурды. Орынның шақлары өзи менен бир тутас исленип, өзинен шығып туратуғын еди.
26 Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек иследи.
27 Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнатты. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизилди.
28 Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады.
29 Тағы да, олар майлаў рәсими ушын мухаддес майды ҳәм таза, хош ийисли түтеткини шеберлик пенен араластырып, таярлады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.