Шыгыу 38 bob
1 Акация ағашынан жандырылатуғын қурбанлық ушын орын дүзетти. Ол төрт мүйешли болып, оның узынлығы да, ени де бес шығанақ, ал бийиклиги үш шығанақ еди.
2 Оның төрт мүйешине өзинен шығып турған шақлар ислеп, орынды ҳәм шақларды қола менен қаплады.
3 Қурбанлық орынның барлық буйымларын: күлге арналған ыдыслар менен белшелер, қан себетуғын табақлар, шанышқылар ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды қоладан иследи.
4 Орынға қоладан тор сыяқлы нағыс иследи. Тор нағыс қурбанлық орынның ортасына жететуғындай қылып, жийегиниң астынан исленди.
5 Қола тордың төрт мүйешине сырықларды өткериў ушын, төрт ҳалқа қуйды.
6 Сырықларды акация ағашынан ислеп, қола менен қаплады.
7 Қурбанлық орынды көтерип жүриў ушын, орынның қапталындағы ҳалқалардан усы сырықларды өткизди. Орынды ағаштан, ишин бос қылып иследи.
8 Ушырасыў шатырының алдында хызмет ететуғын ҳаяллар берген айналардан үлкен қола ләген ҳәм оның туяқларын иследи.
9 Мухаддес шатырдың ҳәўлисин иследи. Ҳәўлиниң қубла тәрепине узынлығы жүз шығанақ болған, шебер тоқылған ҳасыл зығыр перделер тақты.
10 Перделер ушын қоладан исленген жигирма ултанға жигирма бақан орнатты. Бақанның айры илдиргишлери менен карнизлерин гүмистен иследи.
11 Ал арқа тәрепи ушын узынлығы жүз шығанақ болған перделер, жигирма бақан, бақанлар ушын қоладан жигирма ултан иследи. Бақанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен еди.
12 Ҳәўлиниң батыс тәрепи ушын узынлығы елиў шығанақ болған перде, он бақан ҳәм он ултан иследи. Бақанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен еди.
13 Ҳәўлиниң шығысқа қараған алдынғы тәрепиниң кеңлиги елиў шығанақ еди.
14 Усы кирер аўыздың бир тәрепинде узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан бар еди.
15 Оның екинши тәрепинде де узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан бар еди.
16 Ҳәўлиниң ҳәмме тәрепиндеги барлық перделер ҳасыл зығырдан еди.
17 Бақанлардың ултанлары қоладан, ал айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен исленген еди. Бақанлардың жоқарысы да гүмис пенен қапланған еди. Ҳәўлиниң барлық бақанлары гүмис карнизлер менен бириктирилди.
18 Ҳәўлиниң кирер аўзындағы перде қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығырдан нағысланып тоқылған еди. Оның узынлығы жигирма шығанақ, бийиклиги ҳәўлиниң перделери сыяқлы бес шығанақ еди.
19 Бул перде ушын төрт қола ултанға орнатылған бақан исленди. Бақанлардың айры илдиргишлери ҳәм карнизлери гүмистен исленип, жоқарысы гүмис пенен қапланды.
20 Шатырдың ҳәм шатырды қоршаған ҳәўлиниң барлық қазықлары қоладан исленди.
21 Мухаддес шатырдың, яғный буйрықлар жазылған таслар турған шатырдың қурылысы ушын қолланылған нәрселердиң толық есабы төменде берилген. Есапты Муўсаның буйрығы менен, руўханий Харонның улы Итамардың бақлаўы астында Лебий урыўы алып барды.
22 Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған ҳәмме ислерин Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалел иследи.
23 Оның менен бирге Дан урыўынан болған Ахисамах улы Оҳолиаб жумыс иследи. Ол уста, безеўши, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслап тоқыўшы еди.
24 Мухаддес шатырдың барлық ислерине қолланылған алтынның, халық бағышлап алып келген алтынның муғдары Мухаддес орын өлшеми менен 29 талант 730 шекел еди.
25 Есаптан өткен халықтан жыйналған гүмис Мухаддес орын өлшеми менен 100 талант 1775 шекел еди.
26 Бул есаптан өткен жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы 603 550 адамның ҳәр бирине бир беқадан, яғный Мухаддес орын өлшеми менен ярым шекелден туўры келетуғын еди.
27 Мухаддес шатырдың ҳәм Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердениң ултанларын қуйыў ушын 100 талант гүмис қолланылды. Ҳәр бир ултанға 1 талант, 100 ултанға 100 талант гүмис сарпланды.
28 Бақанлардың жоқарысын қаплаўға, айры илдиргишлерин ҳәм карнизлерин соғыўға 1775 шекел гүмис сарпланды.
29 Халық берген қола 70 талант 2400 шекел еди.
30 Оннан Ушырасыў шатырының кирер аўзындағы бақанлар ушын ултанлар, қурбанлық орын, оның торы менен ҳәмме буйымлары,
31 ҳәўлидеги барлық бақанлар ушын ултанлар, ҳәўлиниң дәрўазасының бақанлары ушын ултанлар, шатырдың қазықлары менен ҳәўли әтирапындағы барлық қазықлар исленди.