Шыгыу 4 bob
1 Сонда Муўса Қудайға: – Олар маған исенбесе ҳәм сөзлериме қулақ салмай: «Жаратқан Ийе саған көринбеди», – десе, не қыламан? – деди.
2 Жаратқан Ийе оннан: – Қолыңдағы не? – деп сорады. – Таяқ, – деп жуўап берди Муўса.
3 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Оны жерге тасла, – деди. Муўса таяқты жерге таслағанда, таяқ жыланға айланды. Муўса оннан қашты.
4 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды созып, оның қуйрығынан услап ал, – деди. Муўса қолын созып, жыланның қуйрығынан услап алғанда, ол және таяққа айланды.
5 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Ата-бабаларының Қудайы, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыптың Қудайы болған Жаратқан Ийениң саған көрингенине олардың исениўи ушын, сен оларға усыны көрсет, – деди.
6 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға және: – Қолыңды қойныңа тық, – деди. Муўса қолын қойнына тығып, оны қайтып шығарып алғанда, қолында тери кеселлиги пайда болып, ети қар сыяқлы түлеп кеткен еди.
7 Жаратқан Ийе оған тағы: – Қолыңды және қойныңа тық, – деди. Муўса және қолын қойнына тығып, оны қайтып шығарғанда, қолы бурынғы ҳалына қайтты.
8 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Егер олар саған исенбесе ҳәм биринши кәраматлы белгиге итибар аўдармаса, онда екиншисине исенеди.
9 Ал егер бул еки белгиге де исенбесе ҳәм сөзиңди тыңламаса, онда Нил дәрьясынан суў алып, жерге төк. Дәрьядан алған суўың жерде қанға айланады.
10 Муўса Жаратқан Ийеге: – О, Ийем! Қулың болған мен бурын да, Өзиң мениң менен сөйлесе баслағаннан бери де шешен адам емеспен. Мен майлы тилли де, сөзге шебер де емеспен, – деди.
11 Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди: – Адамға тил берип қойған ким? Адамды гүңелек, герең, көретуғын ямаса соқыр қылатуғын ким? Жаратқан Ийе болған Мен емеспен бе?
12 Енди бар! Сөйлегениңде Өзим саған жәрдем берип, не айтыў кереклигин үйретип тураман.
13 Муўса Жаратқан Ийеге: – О, Ийем! Өтинемен, мениң орныма басқа биреўди жибере гөр! – деди.
14 Жаратқан Ийениң Муўсаға қәҳәри келип былай деди: – Лебий урыўынан болған әжағаң Харон бар емес пе? Билемен, ол сөзге шешен. Мине, ол тап ҳәзир сени қарсы алыўға киятыр. Сени көргенде, ол қуўанады.
15 Сен оның менен сөйлесип, не айтыў кереклигин оған билдир. Сөйлегениңизде, Өзим сизлерге жәрдем берип, не ислейтуғыныңызды үйретемен.
16 Сениң орныңа халыққа Харон сөйлейди. Ол сениң аўзың болады, ал сен ол ушын Қудай орнында боласаң.
17 Мына таяғыңды ал, сен оның менен кәраматлы белгилер көрсетесең.
18 Муўса қәйин атасы Итроға қайтып келип, оған: – Мысырдағы туўысқанларымның қасына қайтыўға рухсат бериң. Барып, олардың аманлығын билейин, – деди. Итро оған: – Аман-саў барғайсаң, – деди.
19 Жаратқан Ийе Муўсаға Мидян елинде: «Мысырға қайт, себеби жаныңа қаслық етпекши болғанлардың ҳәммеси өлди», – деген еди.
20 Солай етип, Муўса ҳаялын ҳәм улларын ешекке миндирип, Қудайдың өзине алыўды буйырған таяғын алып, Мысырға қарай жолға шықты.
21 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мысырға қайтып барғаныңда, Мен саған берген күш пенен фараонның алдында барлық кәраматларды көрсет. Бирақ Мен оның жүрегин қатал қыламан ҳәм ол халқымның кетиўине рухсат етпейди.
22 Кейин сен фараонға былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Израил Мениң улым, туңғыш улым.
23 Маған сыйыныўы ушын, улымды жибер, деп саған айтқан едим. Бирақ сен оны жибериўден бас тарттың. Сонлықтан Мен сениң улыңды, туңғыш улыңды өлтиремен“».
24 Жолда, олар түнеген жерде, Жаратқан Ийе Муўсаның қасына келип, оны өлтирмекши болды.
25 Сонда Сиппора дәрҳал бир тас пышақты алды да, улын сүннет етти. Ол кесип алынған етти Муўсаның аяғына тийгизип: – Ҳақыйқаттан да, сен усы қан арқалы мениң күйеўимсең, – деди.
26 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаны аман қалдырды. Ал Сиппора Муўсаға: «Сен қан арқалы мениң күйеўимсең», – деп сүннетке байланыслы айтқан еди.
27 Соңынан Жаратқан Ийе Харонға: – Муўсаны қарсы алыў ушын, далаңлыққа бар, – деди. Харон кетип, Муўса менен Қудайдың таўында ушырасты ҳәм оны сүйди.
28 Муўса Жаратқан Ийениң айтыў ушын жиберген ҳәмме сөзлери ҳәм ислеўди буйырған барлық кәраматлы белгилери ҳаққында Харонға айтып берди.
29 Муўса менен Харон барып, Израилдың барлық ақсақалларын жыйнады.
30 Харон Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқан ҳәмме сөзлерин оларға айтып берди. Муўса да халық алдында кәраматлы белгилер көрсетти.
31 Халық исенди ҳәм Жаратқан Ийениң өзлерине нәзер салып, шегип атырған азапларын көргенин еситкенде, Оған тәжим етип, сыйынды.