Шыгыу 40 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Мухаддес шатырды, яғный Ушырасыў шатырын биринши айдың биринши күни қур.
3 Келисим сандығын шатырдың ишине киргизип, оны перде менен тасалап қой.
4 Столды ишке әкелип, оған тийисли ҳәмме нәрсени оның үстине қой. Шыра қойғышты да әкелип, шыраларын үстине қой.
5 Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Келисим сандығының алдына қойып, шатырдың кирер аўзына перде тақ.
6 Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қой.
7 Үлкен ләгенди шатыр менен қурбанлық орынның арасына қойып, ишине суў қуй.
8 Шатырдың әтирапын айландырып, ҳәўли исле ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына перде тақ.
9 Соңынан майлаўға арналған зәйтүн майын алып, шатырды ҳәм оның ишиндеги барлық буйымларды майлап, мухаддес қыл.
10 Қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм оның барлық буйымларын майлап, орынды мухаддес қыл. Сонда орын жүдә мухаддес болады.
11 Үлкен ләгенди ҳәм оның туяқларын майлап, мухаддес қыл.
12 Харонды ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды суў менен жуўындыр.
13 Харонға мухаддес кийимлерди кийгиз ҳәм руўханий болып, хызмет етиўи ушын, оның басына май қуйып, Маған бағышла.
14 Оның улларын алып келип, оларға узын көйлек кийгиз.
15 Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, оларды да әкеси сыяқлы майла. Бул майлаў олардың әўладлар бойы мәңгиге руўханий болыўын тәмийинлейди.
16 Муўса ҳәмме нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
17 Солай етип, екинши жылдың биринши айының биринши күни Мухаддес шатыр қурылды.
18 Муўса шатырды қурды: ултанларын қойды, тахтайларын орнатты, қадаларын киргизип, бақанларын көтертти.
19 Кейин шатырдың үстине ишки ҳәм сыртқы жабыўларын жапты. Муўса булардың ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
20 Кейин буйрықлар жазылған еки тасты алып, сандыққа салды. Сандықтың сырықларын кийгизди ҳәм сандықтың қақпағын сандықтың үстине қойды.
21 Келисим сандығын шатырға киргизди де, перде тутып, сандықты көзден тасалап қойды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
22 Нанлар туратуғын столды Ушырасыў шатырының ишине, яғный шатырдың арқаға қараған тәрепине, ишки пердениң сыртына қойды.
23 Жаратқан Ийениң алдына, столдың үстине нанларды дизип қойды. Муўса буларды Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
24 Шыра қойғышты Ушырасыў шатырына, столдың қарсысына, шатырдың қубла тәрепине қойды.
25 Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, ол Жаратқан Ийениң алдына шыраларды қойды.
26 Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Ушырасыў шатырына, пердениң алдына қойды.
27 Орынның үстинде хош ийисли түтетки түтетти. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
28 Шатырдың кирер аўзына перде тақты.
29 Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қойды. Орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақасын усынды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
30 Үлкен ләгенди Ушырасыў шатыры менен қурбанлық орынның арасына қойды ҳәм жуўыныў ушын, ишине суў қуйды.
31 Муўса, Харон ҳәм Харонның уллары аяқ-қолларын сол жерде жуўатуғын болды.
32 Олар Ушырасыў шатырына киретуғын яки қурбанлық орынға жақынласатуғын ўақытта, Жаратқан Ийениң буйырғанындай, сол жерде жуўынатуғын еди.
33 Шатырдың ҳәм қурбанлық орынның әтирапындағы ҳәўлини перде менен қоршады ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына да перде тақты. Солай етип, Муўса жумысты тамамлады.
34 Соннан кейин, Ушырасыў шатырын булт қаплап, Жаратқан Ийениң салтанаты шатырды толтырды. Соның ушын, Муўса Ушырасыў шатырына кире алмады
35 .
36 Пүткил сапарлары даўамында израиллылар булт шатырдың үстинен көтерилгеннен кейин ғана жыйналып, жолын даўам ететуғын еди.
37 Бирақ олар булт жоқары көтерилмегенше, жолға шықпайтуғын еди.
38 Солай етип, олардың пүткил сапары даўамында, барлық Израил халқының көз алдында Жаратқан Ийениң булты күндиз шатырдың үстинде турды, ал түнде булт ишинде от болып жанып турды.