Шыгыу 5 bob
1 Соңынан Муўса менен Харон фараонға барып, оған: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Шөлге барып, Маған арнап байрам қылыўы ушын, халқымды жибер», – деди.
2 Бирақ фараон оларға: – Мен айтқанын тыңлап, Израил халқын жиберетуғындай, Жаратқан Ийе ким болыпты? Мен Жаратқан Ийени танымайман, израиллылардың кетиўине де рухсат бермеймен, – деди.
3 Сонда Муўса менен Харон: – Еврейлердиң Қудайы бизлер менен ушырасты. Үш күнлик жол жүрип, шөлде Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық берип қайтыўға рухсат етсеңиз. Болмаса, Ол бизлерди иллет пенен ямаса қылыш пенен жазалайды, – деди.
4 Ал Мысыр патшасы оларға: – Ҳәй, Муўса ҳәм Харон! Неге халықты жумысынан алағада қылып атырсыз? Барың, жумысыңызға қайтың.
5 Соншелли көп пуқараларды не ушын жумысынан қалдыражақсыз? – деди.
6 Сол күни фараон қул жумсаўшыларына ҳәм израиллы бақлаўшыларға буйрық берип былай деди:
7 – Буннан былай, гербиш ислеў ушын халыққа бурынғыдай сабан бермең. Барып, сабанды өзлери жыйнап алсын.
8 Бирақ бурын қанша гербиш қуйған болса, ендигиден былай да, сонша гербиш қуйыўды талап етиң. Гербиш санын азайтпаң. Өйткени олар ериншек адамлар болғанлықтан: «Барып, Қудайымызға қурбанлық беремиз», – деп бақырмақта.
9 Жумысларын соншелли дәрежеде аўырластырың, олар ис пенен бәнт болып, жалған сөзлерге қулақ аспасын.
10 Солай етип, қул жумсаўшылар ҳәм израиллы бақлаўшылар барып, израиллыларға былай деди: – Фараон былай демекте: «Енди сизлерге сабан бермеймен.
11 Сабанды қай жерден тапсаңыз, сол жерден табыңлар. Бирақ қуятуғын гербишиңиздиң муғдары азайтылмайды».
12 Солай етип, халық атызлардан сабан жыйнаў ушын пүткил Мысыр бойлап тарап кетти.
13 Қул жумсаўшылар оларды қысқыға алып: «Күнделик жумысыңызды сабан берилген күнлердегидей толық орынлаң», – деди.
14 Соңынан олар: «Неге сизлер кеше ҳәм бүгин бурынғыдай муғдарда гербиш қуйдырмадыңыз?» – деп өзлери қойған израиллы бақлаўшыларды урды.
15 Сонлықтан израиллы бақлаўшылар фараонға барып, оған былай деп нала шекти: – Неге қулларыңызға бундай қатнас жасап атырсыз?
16 Бизлерге сабан бермесе де, гербиш қуйыўды талап етеди. Минекей, қулларыңыз болған бизлер таяқ жеп атырмыз. Ал буған айыплы – сизиң адамларыңыз.
17 Бирақ фараон оларға: – Сизлер ериншексизлер, ериншек! Сол себептен: «Барып, Жаратқан Ийеге қурбанлық беремиз», – деп атырсызлар.
18 Қәнекей, барыңлар жумысларыңызға! Сизлерге сабан берилмейди. Ал гербишти белгиленген муғдарда жеткизесизлер, – деди.
19 «Күнделикли жеткизилетуғын гербиштиң муғдарын азайтпайсызлар», – деген сөзлерди еситкенде, израиллы бақлаўшылар өзлериниң қыйын аўҳалда екенин түсинди.
20 Олар фараонның алдынан шыққаннан кейин, өзлерин күтип турған Муўса менен Харонға дусласып,
21 оларға: – Сизлер бизлерди фараонға ҳәм оның хызметшилерине жаман атлы қылдыңыз. Бизлерди өлтириў ушын, олардың қолларына қылыш услаттыңыз. Бул исиңизди көрип, Жаратқан Ийе сизлерди жазаласын, – деди.
22 Сонда Муўса ол жерден кетти ҳәм Жаратқан Ийениң алдына барып, былай деди: – Ийем! Не ушын бул халықты бәлеге дуўшар қылдың? Мени не ушын жибердиң?
23 Фараонға барып, Сениң атың менен сөйлеген күнимнен бери, фараон бул халықты бәлеге дуўшар қылмақта. Ал Сен Өз халқыңды қутқарыў ушын ҳеш нәрсе ислемедиң.