Шыгыу 6 bob

Қудайдың Муўсаны және шақырыўы (2-13). Муўса ҳәм Харонның шежиреси (14-27). Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығы (28-30)

1 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Енди сен фараонға не ислейтуғынымды көресең. Ол Мениң қүдиретли қолым себепли Израил халқын азат етеди, ҳәтте, қүдиретли қолым себепли оларды өзи елинен қуўып шығарады, – деди.
2 Қудай Муўсаға және былай деди: – Мен – Жаратқан Ийемен.
3 Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа Қүдирети күшли Қудай болып көриндим.* Бирақ Мен оларға Өзимди Жаратқан Ийе деген атым менен танытпадым.
4 Өзлери келгинди болып жасаған Қанан жерин оларға бериў ушын, Мен олар менен келисим дүздим.
5 Енди болса, мысырлылар қул қылған израиллылардың налаларын еситип, келисимимди еске алдым.
6 Солай етип, израиллыларға былай де: «Мен – Жаратқан Ийемен. Сизлерди мысырлылардың аўыр жумысынан азат етип, олардың қуллығынан алып шығаман. Оларды қатаң жазалайман, сизлерди күшли қолымды созып, қутқарып аламан.
7 Сизлерди Өз халқым қыламан ҳәм Өзим сизлердиң Қудайыңыз боламан. Сонда сизлер Мениң өзлериңизди мысырлылардың аўыр жумысынан азат қылған Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар.
8 Сизлерди Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа беремен деп Өзим ант ишкен жерге апараман. Ол жерди сизлерге мүлик етип беремен. Мен – Жаратқан Ийемен.»
9 Муўса бул сөзлерди израиллыларға айтып берди. Бирақ олар руўхый түскинликте болып, аўыр қулшылықта жүргенликтен, Муўсаны тыңламады.
10 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
11 – Мысыр патшасы фараонға барып: «Израиллылардың жериңнен кетиўине рухсат бер», – деп айт, – деди.
12 Бирақ Муўса Жаратқан Ийеге: – Мен сөзге шешен емеспен. Сөзимди израиллылар тыңламағанда, фараон қалай тыңласын? – деди.
13 Деген менен, Жаратқан Ийе Муўса ҳәм Харон менен сөйлесип, израиллыларды Мысыр жеринен алып шығыў ушын, израиллыларға ҳәм Мысыр патшасы фараонға байланыслы буйрықлар берди.
14 Израиллылардың әўлад басшылары мыналар еди: Израилдың туңғыш улы Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон, Кармий. Булар Рубенниң тийрелери еди.
15 Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм қананлы бир ҳаялдан туўылған улы Шаул. Булар Шимонның тийрелери еди.
16 Урпақлары бойынша, Лебийдиң улларының атлары мыналар еди: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий. Лебий 137 жыл өмир сүрди.
17 Гершонның уллары: ҳәр бири тийре басшысы болған Либний менен Шимей.
18 Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел. Қоҳат 133 жыл өмир сүрди.
19 Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Шежиреси бойынша, Лебийдиң тийрелери усылар еди.
20 Амрам әкесиниң қарындасы Иохебедке үйленип, Иохебед оған Харон менен Муўсаны туўып берди. Амрам 137 жыл өмир сүрди.
21 Исҳардың уллары: Қорах, Нефег ҳәм Зихрий.
22 Уззиелдиң уллары: Мишаел, Элсафан ҳәм Ситрий.
23 Харон Нахшонның қарындасы, Амминадабтың қызы Элишебаға үйленди. Элишеба оған Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамарды туўып берди.
24 Қорахтың уллары: Ассир, Элқана ҳәм Абиасаф. Булар Қорахтың үрим- путағы еди.
25 Харонның улы Элазар Путиелдиң қызларының бирине үйленди. Ҳаялы оннан Пинехасты туўды. Тийрелерге бөлинген Лебий урыўының әўлад басшылары усылар еди.
26 Усы Муўса менен Харонға Жаратқан Ийе: «Израиллыларды топ-тобы менен Мысырдан алып шығыңлар», – деген еди.
27 Израиллыларды Мысырдан алып шығыў ушын, Мысыр патшасы фараон менен сөйлескенлер де усы Муўса менен Харон еди.
28 Жаратқан Ийе Мысырда Муўса менен сөйлескенинде,
29 оған: «Мен – Жаратқан Ийемен. Саған айтатуғынларымның ҳәммесин Мысыр патшасы фараонға жеткиз», – деген еди.
30 Сонда Муўса Жаратқан Ийениң алдында Оған: «Мен сөзге шешен емеспен. Мени фараон тыңлайтуғын ба еди?» – деп жуўап берген еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.