Шыгыу 7 bob
1 Бирақ Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Минекей, Мен сени фараон ушын Қудай сыяқлы қылдым, ал әжағаң Харон сениң пайғамбарың болады.
2 Саған буйырғанларымның ҳәммесин әжағаңа айт. Ол фараон менен сөйлесип: «Израиллылардың Мысыр жеринен кетиўине рухсат бер», – деп айтсын.
3 Деген менен, Мен фараонның жүрегин қатал қыламан. Мысырда көп белгилеримди ҳәм кәраматларымды көрсетсем де,
4 фараон сизлерди тыңламайды. Мен қолымды Мысырға созып, оларды қатаң жазалайман ҳәм халқым Израилды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шығаман.
5 Мысырға қарсы қолымды көтерип, израиллыларды олардың арасынан алып шыққанымда, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
6 Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи.
7 Фараон менен сөйлескенде, Муўса сексен, ал Харон сексен үш жаста еди.
8 Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
9 – Фараон сизлерге: «Мени исендириў ушын бир кәрамат көрсетиңлер», – дегенде, сен Харонға: «Таяғыңды фараонның алдына тасла», – деп айт. Сонда таяқ жыланға айланады.
10 Солай етип, Муўса менен Харон фараонға барып, Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон таяғын фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң алдына таслады. Таяқ жыланға айланды.
11 Сонда фараон өз данышпанларын ҳәм сыйқыршыларын шақырды. Олар да өз сыйқыршылығы менен анық солай иследи.
12 Олардың ҳәр бири таяғын таслап жибергенде, таяқлар жыланға айланды. Бирақ Харонның таяғы олардың таяқларын жутып жиберди.
13 Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады.
14 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонның жүреги қатал болып тур. Ол халықты жибериўден бас тартып атыр.
15 Ертеңине азанда бар да, фараон Нил дәрьясына қарай шыққанда, жыланға айланған таяғыңды алып, дәрья жағасында оның жолын тосып тур.
16 Кейин фараонға былай де: «„Шөлде Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер“, – деп айтыўым ушын, еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе мени саған жиберди. Бирақ сен усы ўақытқа шекем қулақ аспадың.
17 Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: „Мениң Жаратқан Ийе екенимди мынадан билип аласаң: минекей, қолымдағы таяқ пенен дәрьяның суўына урсам, суў қанға айланады.
18 Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасып кетеди ҳәм мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалады“».
19 Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Харонға айт, ол таяғын алып, оны Мысырдың суўлары үстине – дәрьялары, өзеклери, көллери ҳәм барлық ҳәўизлери үстине созсын. Олардағы, ҳәтте, пүткил Мысырдағы ағаш ҳәм тас ыдыслардағы суўлар да қанға айланады.
20 Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон фараон ҳәм оның хызметшилериниң көз алдында таяқты көтерип, Нил дәрьясының суўына урып жибергенде, ондағы барлық суўлар қанға айланды.
21 Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасый баслады. Мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалды. Мысырдың ҳәмме жерин қан жайлап кетти.
22 Бирақ мысырлы сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай иследи. Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады.
23 Фараон артына бурылып, сарайына қайтып кетти. Бул ўақыя да оған тәсир етпеди.
24 Пүткил мысырлылар ишетуғын суў табыў ушын, дәрья бойын қазыўға киристи. Өйткени олар дәрьяның суўын ише алмайтуғын еди.
25 Жаратқан Ийе Нил дәрьясының суўын қанға айландырғаннан кейин, арадан жети күн өтти.