Ҳикметлер 1 bob


Ҳикметлердиң мақсет (1-7).Азғырыўлардан сақ бол! (8-19).Даналықты тыңла! (20-33).

1 Булар Израилдың патшасы Даўыттың улы Сулайманның ҳикметлери:
2 Бул ҳикметлердиң мақсети мынаў: Даналықты ҳәм нәсиятты үйретиў, Ақыллы сөзлерди түсиндириў;
3 Туўры жасаў қағыйдаларын, Әдиллик, әдалатлық ҳәм ҳадаллықты өзлестириў;
4 Садаларға терең түсиник, Өспиримлерге билим ҳәм сана бериў.
5 Даналар тыңлап, билимине билим қосады, Ақыллылар дана кеңес алады.
6 Усылайынша олар нақыл ҳәм ҳикметлерди, Данышпанлардың сөзлери менен жумбақларын түсинеди.
7 Жаратқан Ийеден қорқыў – даналықтың басы. Тек ақылсызлар ғана даналық ҳәм нәсиятты жек көреди.
8 Балам, әкеңниң нәсиятларына қулақ сал, Анаң берген тәлимнен бас тартпа!
9 Олар басыңа әжайып таж, Мойныңа моншақ болады.
10 Балам! Егер гүнакарлар сени азғырмақшы болса, Оларға көнбе.
11 Егер олар: «Бизлер менен жүр, Қан төгиў ушын буққыда жатайық, Себепсизден себепсиз бийгүнаны аңлыйық.
12 Оларды өлилер мәканы киби тирилей, Туңғыйыққа түскенлер киби пүтинлей жутайық.
13 Барлық қымбатбаҳа затларын алайық, Үйлеримизди олжаға толтырайық.
14 Бизлер менен тәўекелге бел байла, Бар байлығымыз ортақ болады», – десе,
15 Балам, олар менен жолдас болма, Олардың жолынан аўлақ бол!
16 Олардың аяқлары жаўызлыққа талпынар, Қан төгиўге асығар.
17 Ҳәтте, қуслар да, Көз алдында қурылған аўға түспес.
18 Ал сол адамлар өз қанын төгиў ушын буққыда жатады, Өзлериниң жанын өзлери аңлыйды.
19 Ҳарам табысқа қумардың ақыбети сондай болады, Сол қумарлық ҳарам табыс ийесиниң басын жалмайды.
20 Даналық көшелерде жар салып, Майданларда даўыслап бақырады.
21 Шаўқымлы көшениң басында қышқырып, Қала дәрўазаларының кирер аўзында өз сөзин айтады:
22 «Ҳәй, садалар! Садалығыңызды қашанға дейин сүймекшисиз? Сурбетлер қашанға дейин мазақлаўдан заўық алады? Ақмақлар қашанға шекем билимди жек көреди?
23 Қәне, мениң әшкаралағанымнан дүзелсеңиз еди! Сизлерди руўхыма толтырып, Сөзлеримди билдирер едим.
24 Сизлерди шақырдым, мени тыңлаўдан бас тарттыңыз, Қолымды создым, нәзер аўдарған болмады.
25 Сизлер мениң барлық кеңеслеримди менсинбедиңиз, Мениң әшкаралаўларымды қабыл етпедиңиз.
26 Соның ушын мен де апатқа ушырағаныңызда, үстиңизден күлемен, Ҳүрейиңиз ушқанда, мазақ қыламан.
27 Қорқыныш даўылдай бастырып келгенде, Апатшылық қуйындай дүбегенде, Қайғы ҳәм ҳәсирет басыңызға түскенде,
28 Мени шақырасыз, мен де жуўап бермеймен, Мени излейсиз, бирақ таппайсыз.
29 Өйткени сизлер билимди жек көрдиңиз, Жаратқан Ийеден қорқыўды мақул көрмедиңиз.
30 Кеңеслеримди қабыл қылмадыңыз, Әшкаралаўларымды көзге илмедиңиз.
31 Соның ушын, тутқан жолыңыздың ашшы мийўелерин жеп, Өз сумлықларыңызға тойынасызлар.
32 Саданың өжетлиги өзин өлтиреди, Ақмақтың бийғамлығы оны қуртады.
33 Ал мени тыңлағанлар қәўипсиз жасап, Жаманлықтан қорқпай, тыныш болады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.