Ҳикметлер 10 bob

Сулайманның ҳикметли сөзлери (1-32).

1 Сулайманның дана ҳикметлери: Дана перзент әкесиниң қуўанышы, Ақылсыз перзент анасының қайғысы.
2 Ҳарам байлық пайда келтирмес, Ал әдиллик өлимнен қутқарар.
3 Жаратқан Ийе әдил адамды аш қоймас, Залымлардың қәлеўиниң орынланыўына жол қоймас.
4 Ериншек қол жарлы қылар, Мийнеткеш қол байлық келтирер.
5 Жазда өним жыйнаған – ақыллы бала, Жыйын-терим ўақтында уйықлаған бала әкесин уятқа қалдырар.
6 Әдил адамның басына берекет жаўар, Залымның аўзы зорлықты жасырар.
7 Әдиллер ыразылық пенен еске алынар, Залымлардың аты умыт болып кетер.
8 Дананың жүреги буйрықларды қабыл етер, Ақмақтың тили апатқа жетелер.
9 Ҳадал жүрген қәўипсиз жүрер, Ал өз жолын надурыс тәрепке бурған әшкара болар.
10 Көз қысқан адам апатқа жолығар, Өтирик сөйлеген набыт болар.
11 Әдилдиң аўзы – өмир булағы, Ал залымның аўзы зорлықты жасырар.
12 Өшпенлилик жәнжел туўдырар, Сүйиспеншилик барлық қылмысларды жуўып кетер.
13 Ақыллы адамның аўзынан даналық төгилер, Ес-ақылы кем адамның арқасына қамшы тийер.
14 Даналар билимди сақлап қояр, Ақылсыздың аўзы бәлени жақынластырар.
15 Байдың байлығы – оның қорғаны, Жарлының апаты – оның кәмбағаллығы.
16 Әдилдиң мийнети өмирге, Залымның табысы гүнаға апарар.
17 Нәсиятты алғанлар өмир жолында жүрер, Әшкаралағанды тән алмағанлар жолдан азғырылар.
18 Қаслығын жасырғанның тили жалғаншы, Өсек таратқан адам ақылсыз.
19 Көп сөйлеген қылмыссыз болмас, Тилин тыйған – ақыллы.
20 Әдилдиң тили – сайланды гүмис, Залымның жүреги ҳеш нәрсеге арзымас.
21 Әдилдиң тили көплерди азықландырар, Ақмақ ақылы жетпегенликтен набыт болар.
22 Жаратқан Ийениң жарылқаўы адамды байытар, Ол байлыққа ғам-қайғыны қоспас.
23 Ақылсыз жаманлық қылыўдан, Түсимпаз даналықтан ләззет алар.
24 Залым неден қорқса, соған тап болар, Әдил адамлардың әрманы орынланар.
25 Қуйын турып, залымлар жоқ болар, Әдиллер мәңги беккем турар.
26 Ериншек өзин жумсағанлар ушын, Тиске қуйылған сирке суўына, Көзге кирген түтинге мегзер.
27 Жаратқан Ийеден қорқыў өмирди узайтар, Ал залымлардың өмири қысқарар.
28 Әдилдиң дәмеси шадлыққа жетелер, Залымның үмити пушқа шығар.
29 Жаратқан Ийе жолы минсизлерге қорған, Жаўызлық ислеўшилерге апатшылық болады.
30 Әдил адам мәңгиге шайқалмас, Залым адам жер бетинде тура алмас.
31 Әдилдиң аўзы даналықтан сөйлер, Ал жалғаншының тили кесип тасланар.
32 Әдилдиң тили мүнәсип сөзлерди билер, Залымның аўзы өтирик сөзлер шығарар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.