Ҳикметлер 11 bob

1 Жаратқан Ийе жалған тәрезиден жеркенер, Дурыс тәрезиге Оның кеўли толар.
2 Менменлик келсе, масқарашылық та келер, Кишипейиллилер даналық пенен бирге болар.
3 Ҳақ нийетлиниң минсизлиги оған жол көрсетер, Опасыздың сумлығы өзиниң басына жетер.
4 Ғәзеп күни байлық пайда бермес, Әдиллик өлимнен қутқарар.
5 Минсиздиң әдиллиги оның жолын дүзиў қылар, Залым залымлығы себепли қулап түсер.
6 Ҳақ нийетлини әдиллиги қутқарар, Опасызлар өз нәпсиниң торына түсер.
7 Залым адам өлгенде, үмити де үзилер, Сүйенген байлығы да пайдасыз болар.
8 Әдил адам бәледен қутылар, Оның орнына залым сол бәлеге дуўшар болар.
9 Қудайсыз жақынын тили менен жоқ қылар, Әдиллер өз билими менен аман қалар.
10 Әдиллер жайнап-жаснаса, қала қуўанар, Залымлар қуласа, қуўаныш пенен бақырысар.
11 Ҳақ адамлардың ақ пәтиясы менен қала раўажланар, Залымлардың аўзы менен ол ўайран болар.
12 Ақылсыз жақынын кемситер, Ақыллы аўзына бек болып жүрер.
13 Өсек тасыған сырды ашар, Садық адам сырды сақлар.
14 Қәўендерсиз ел қулар, Кеңесшиси көп ел жеңер.
15 Басқаға кепил болған бәлеге жолығар, Кепил болыўдан қашқан қәўипсизликте болар.
16 Мийримли ҳаял абырайға ерисер, Тас баўыр еркек тек байлыққа ийе болар.
17 Мийримли адам өз жанына жақсылық қылар, Тас баўыр өзине зыян келтирер.
18 Залым алдамшы сый ушын мийнет етер, Әдиллик себиўши ҳақыйқый сый алар.
19 Әдилликти устанған жасар, Жаўызлыққа умтылған өлер.
20 Ҳийлекер жүрекли Жаратқан Ийеге жеркенишли, Ал минсиз жүргенге кеўли толар.
21 Билип қой, залым жазасыз қалмас, Әдилдиң әўлады аман қалар.
22 Сулыў, бирақ әдепсиз ҳаял, Шошқаның мурнына тағылған алтын әребекке мегзер.
23 Әдиллердиң тилеги тек жақсылық, Ал залымлардың күткени – ғәзеп.
24 Биреў кең пейиллик пенен шашар, сонда да байлығы арта берер, Биреў ҳәдден тыс сақ, бирақ жарлылана берер.
25 Сақый болған молшылыққа ерисер, Шөллегенге суў бергенниң өзине де суў берилер.
26 Бийдайды жасырғанды халық нәлетлер, Оны сатқанға пәтия берилер.
27 Жақсылыққа талпынған берекет табар, Жаўызлықты излегенге жаўызлық келер.
28 Өз байлығына исенген қулар, Әдиллер болса жасыл жапырақтай жайнап өсер.
29 Хожалығын азапқа қалдырған самалды мийрас етип алар, Ақылсыз данаға қул болар.
30 Әдилдиң мийўеси – өмир тереги, Дана адамларды өзине тартар.
31 Егер әдил адамға жер бетинде исине сай қайтарылса, Онда залымлар менен гүнакарларға сирә да жаза берилер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.