Ҳикметлер 13 bob

1 Ақыллы перзент әкесиниң нәсиятына қулақ салар, Сурбет перзент кейигенге қулақ аспас.
2 Жақсы адам аўзының мийўесинен жақсылық татар, Опасызлар жаўызлыққа талпынар.
3 Тилин тыйған өз өмирин сақлап қалар, Тилине ерк берген өзин набыт қылар,
4 Ериншек қәлесе де, ҳеш нәрсе ала алмас, Талапшаңның тилеги ақырына дейин орынланар.
5 Әдил адам өтирик сөзди жек көрер, Залым уятсызлық қылып, өзиниң абырайын төгер.
6 Әдиллик минсизди жолында қорғар, Залымлық гүнакарды қулатар.
7 Биреў ҳеш нәрсеси болмаса да, өзин бай қылып көрсетер, Басқасы байлығы мол болса да, өзин жарлы қылып көрсетер.
8 Байлығы менен адам өз жанын сатып алар, Жарлы болса қәўип-қәтерден аўлақ болар.
9 Әдиллердиң нуры жарқырап жайнап турар, Залымлардың шырасы да өшип қалар.
10 Менменлик даў-жәнжел келтирип шығарар, Кеңеске қулақ салғанларда даналық болар.
11 Аңсат табылған байлық тез таўысылар, Мийнет пенен жыйнаған байлығын көбейтер.
12 Узақ ўақыт орынланбаған үмит жүректи түңилдирер, Орынланған тилек болса, өмир терегине уқсар.
13 Нәсиятты менсинбеген өзине зыян келтирер, Буйрықларды ҳүрмет еткен сый алар.
14 Даналар тәлими – өмир булағы, Ол адамды өлим дузағынан аўлақ қылар.
15 Жақсы ақыл унамлы қылар, Опасыздың өмири ўайран болар.
16 Ҳәр қандай ақыллы адам билим менен ис тутар, Ақылсыз өзиниң ақмақлығын көрсетер.
17 Жаман шабарман апатқа ушырар, Садық елши шыпа алып келер.
18 Нәсиятқа қулақ салмаған жоқшылық пенен шерменделикке ушырар, Ескертиўди қабыл еткенлер ҳүрмет-иззетке бөленер.
19 Орынланған тилек жанға жағымлы, Ақылсыз жаманлықтан ўаз кешиўди жек көрер.
20 Дана менен дос болған дана болар, Ақылсыз бенен дос болған апатқа ушырар.
21 Бахытсызлық гүнакарды қуўып жүрер, Абаданлық әдиллердиң сыйы болар.
22 Жақсы адам ақлық-шаўлықларына да мийрас қалдырар, Гүнакарлардың байлығы әдиллер ушын жыйналар.
23 Жарлының атызы да мол бийдай бериўи мүмкин, Бирақ әдалатсызлық себепли ўайран болар.
24 Жазалаўға аяған баласын сүймейди, Баласын сүйген балалықтан тәрбиялайды.
25 Әдил тойғанша жер, Залымның қарны аш жүрер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.