1 Дана ҳаял үйин жайнатар, Ақылсыз ҳаял оны өз қолы менен бузар
2 Туўры жолдан жүретуғын Жаратқан Ийеден қорқатуғын, Жолдан шыққан Оны менсинбейтуғын адам.
3 Ақмақтың сөзи арқасына қамшы болар, Дананың сөзи оны қорғар.
4 Өгиз болмаса, ақыр бос турар, Өгиздиң күшинен мол пайда алынар.
5 Исенимли гүўа өтирик сөйлемес, Жалған гүўаның өтириги таўысылмас.
6 Сурбет даналық излер, бирақ таба алмас, Ақыллыға билим аңсат табылар.
7 Ақмақтан аўлақ жүр, Билимли сөз шықпас оның аўзынан.
8 Парасатлы адамның даналығы – өз жолын түсиниўи, Ақылсыздың ақмақлығы – алдамшылық.
9 Ақмақлар айып қурбанлығы үстинен күлер, Ҳақ адамлар Қудайдың мийримине сазыўар болар.
10 Ҳәр кимниң қайғысы өзине аян, Қуўанышын да ҳеш ким бөлисе алмас.
11 Залымның үйи бузылар, Ҳақ адамның шатыры гүллене берер.
12 Сондай жол бар, адамға дурыс болып көринер, Бирақ ақыбети, өлимге алып барар.
13 Гейде күлгенде де жүрегиң сызлар, Қуўаныш та гейде қайғы менен жуўмақланар.
14 Азғын адам тутқан жолының, Жақсы адам ислеген исиниң сыйын алар.
15 Сада ҳәмме сөзге исене берер, Ақыллы адымын ойлап басар.
16 Дана қорқып, жаманлықтан аўлақ болар, Ақылсыз өзин басқара алмас ҳәм өзине исенер.
17 Ашыўшақ ақылсызлық қылар, Нийети бузықты ҳәмме жек көрер.
18 Саданың несийбесине ақмақлық тийер, Ақыллы билимди таж қылар.
19 Жаўызлар жақсылар алдында, Залымлар әдиллердиң дәрўазасы алдында тәжим етер.
20 Кәмбағалды қоңсылары да жақсы көрмес, Байлардың досты көп болар.
21 Жақынын кемситкен гүна қылар, Жарлыға мийрим көрсеткен бахытлы болар.
22 Нийети бузықлар жолдан адаспай ма? Бирақ жақсы нийетлилер сүйиспеншилик ҳәм садықлыққа ийе болар.
23 Ҳәр қандай мийнеттиң пайдасы бар, Бос сөз тек жоқшылық келтирер.
24 Даналардың тажы – олардың байлығы, Ақылсызлардың тажы – ақмақлығы.
25 Әдил гүўа жанды қутқарар, Жалған гүўа сатқынлық қылар.
26 Жаратқан Ийеден қорқыў – беккем қорған, Оның балаларына да пана болар.
27 Жаратқан Ийеден қорқыў – өмирдиң булағы, Ол өлим дузағынан қутқарар.
28 Халықтың көплиги – патшаның уллылығы, Халықтың азлығы – ҳүкимдардың апаты.
29 Сабыр-тақатлы адамда уллы ақыл бар, Ашыўшақ өз ақмақлығын мәлим қылар.
30 Тыныш жүрек денеге өмир берер, Қызғаншақлық сүйеклерди ширитер.
31 Жарлыны езген Жаратқанға тил тийгизген болар, Мүтәжге жәрдем берген Жаратқанды ҳүрмет еткен болар.
32 Залым өз жаўызлығы себепли жоқ болар, Әдиллерге өлеринде де пана табылар.
33 Даналық ақыллының жүрегине орналасар, Ҳәтте, ақмақлардың жүреги де оны таныйды.
34 Әдиллик халықтың дәрежесин көтерер, Нызамсызлық халықты масқара етер.
35 Патшаға ақыллы хызметши унар, Шерменде ис қылғанға оның ғәзеби жаўар.