Ҳикметлер 15 bob

1 Мүләйим жуўап ашыўды басар, Ашшы сөз ғәзепти қозғар.
2 Дананың тили билимди мақтар, Ақылсыздың аўзынан ақмақлық ағар.
3 Жаратқан Ийениң көзи ҳәмме жерде, Ол жаманды да, жақсыны да көрип турар.
4 Мүләйим тил – өмир тереги, Өтирикши тил – жанды жаралар.
5 Ақмақ әкесиниң тәрбиясынан безер, Ескертиўге қулақ асқан ақыл-парасатлы.
6 Әдилдиң үйинде мол ғәзийне болар, Залымның тапқаны машқала алып келер.
7 Дананың аўзы билим таратар, Ақмақтың жүреги ондай емес.
8 Наҳақтың қурбанлығынан Жаратқан Ийе жеркенер, Ҳақ адамның дуўасы Оған унар.
9 Залымның жолынан Жаратқан Ийе жеркенер, Әдиллик изинен жүргенди Ол сүйер.
10 Туўры жолдан адасқанлар аўыр жаза алар, Ескертиўди жек көргенлер набыт болар.
11 Өлилер мәканы ҳәм набыт болыў мәканы Жаратқан Ийеге аян екен, Демек, адам баласының жүреги Оған олардан да аянырақ!
12 Сурбет өзин әшкаралағанды унатпас, Ол дананың қасына да жоламас.
13 Жүректиң қуўанышы жүзди жарқыратар, Жүректиң қайғысы руўхты сөндирер.
14 Ақыллының жүреги билимди излер, Ақылсыздың аўзы ақмақлыққа тойынар.
15 Бахытсыздың ҳәр бир күни қайғыдан арылмас, Жүреги қуўанышлының зыяпаты ада болмас.
16 Көп байлық пенен тәшиўиште жасағаннан гөре, Аз байлық пенен Жаратқан Ийеден қорқып жасаған абзалырақ.
17 Жек көрип берилген семиз баспақ гөшинен гөре, Сүйиспеншилик пенен берилген быламық жақсырақ.
18 Ашыўшақ жәнжел туўдырар, Сабыр-тақатлы даўды басар
19 Ериншектиң жолы шатлы тикенге уқсар, Ҳақ адамның жолы тегис болар.
20 Дана бала әкесин қуўантар, Ақмақ бала анасын писент етпес.
21 Ақмақлық ақылсызды қуўандырар, Ақыллы адам туўры жолдан жүрер.
22 Кеңеспей исленген ис босқа шығар, Көп мәсләҳәтшиниң ой-нийети иске асар.
23 Орынлы жуўап адамды қуўантар, Өз ўақтында айтылған сөз әжайып болар!
24 Төмендеги өлилер мәканына түспеўи ушын, Ақыллыны өмир жолы жоқарыға жетелер.
25 Жаратқан Ийе тәкаббирдиң үйин қулатар, Жесирдиң жер шегарасын сақлап қалар.
26 Залымлардың нийетлери Жаратқан Ийеге жеркенишли, Жақсы сөзлер – пәк.
27 Ашкөз өз үйине апат келтирер, Параны жек көрген тыныш өмир сүрер.
28 Әдил ойлап жуўап берер, Залымның аўзы жаўызлық қусар.
29 Жаратқан Ийе залымлардан алыс болар, Әдиллердиң дуўасын еситер.
30 Нурлы жүз жүректи қуўантар, Жақсы хабар сүйекке азық берер.
31 Өмир беретуғын нәсиятқа қулақ салған, Даналар арасынан орын табар.
32 Нәсияттан жүз бурған өз жанын хор қылар, Ескертиўге қулақ салған ақылға ийе болар.
33 Жаратқан Ийеден қорқыў даналыққа үйретер, Кишипейиллик даңққа баслар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.