Ҳикметлер 16 bob

1 Адам жоба дүзер, Бирақ бул жобаның жуўабын Жаратқан Ийе берерё.
2 Адамға ҳәмме жоллары ҳадал болып көринер, Бирақ ой-нийетти Жаратқан Ийе өлшер.
3 Ислериңди Жаратқан Ийеге тапсыр, Сонда нийетиң жүзеге асар.
4 Жаратқан Ийе ҳәмме нәрсени олардың өзлериниң мақсетине сай жаратты, Ҳәтте, залымларды да апатшылық күни ушын жаратты.
5 Ҳәр бир тәкаббир Жаратқан Ийе ушын жеркенишли, Гүмансыз, олар жазасыз қалмайды.
6 Сүйиспеншилик ҳәм садықлық гүнаны жуўар, Жаратқан Ийеден қорқыў жаўызлықтан аўлақ қылар.
7 Адамның жолы Жаратқан Ийеге мақул болса, Ол оны душпанлары менен де жарастырар.
8 Ҳарам жол менен кирген мол пайдадан гөре, Ҳадал жол менен кирген азғантай пайда жақсырақ.
9 Жүрер жолын адам жүрегинде ойлап қояр, Бирақ Жаратқан Ийе оның адымларын бағдарлар.
10 Патша Қудайдың атынан сөйлейди, Ол ҳүким қылғанда әдилликти бурмаламаўы тийис.
11 Туўры тәрези ҳәм тәрезиниң пәллелери Жаратқан Ийеден берилер, Барлық тәрези таслары Ол арқалы жаратылған.
12 Патша жаўызлықтан жеркенер, Тахт әдиллик арқалы беккем болар.
13 Әдил тил патшаға унар, Ҳақыйқатты айтқанды ол сүйер.
14 Патшаның ғәзеби – өлим хабаршысы, Бирақ дана адам оны тынышландырар.
15 Патшаның жүзи нурланса – өмирден нышан, Оның мийрими бәҳәрдеги жаўын алып келетуғын бултқа мегзер.
16 Даналыққа ийе болыў алтыннан қаншелли жақсырақ, Ақылға ийе болыў гүмистен қаншелли қунлырақ.
17 Ҳақ адамның жолы жаўызлықтан аўлақ қылар, Жолын қорғаған өз жанын аман сақлар.
18 Ўайран болыўдан алдын менменлик, Қулаўдан алдын тәкаббирлик келер.
19 Менменлер менен олжа бөлискеннен, Жарлылар арасында кишипейил болған жақсырақ.
20 Ақыл менен ис алып барған жақсылық табар, Жаратқан Ийеден үмит еткен бахытлы болар!
21 Жүреги даналар парасатлы делинер, Жағымлы тил тәлим күшин арттырар.
22 Ақыл ийеси ушын – өмир булағы, Ақмақлық ақмақ ушын – жаза.
23 Дананың жүреги оның сөзин дана қылып, Аўзындағы тәлимин арттырар.
24 Жағымлы сөз палдай татлы, Жанға жағымлы, денеге шыпалы.
25 Сондай жол бар, адамға дурыс болып көринер, Бирақ ақыбети, өлимге алып барар.
26 Адамның иштейи оған мийнет еттирер, Ашлығы оны мәжбүр етер.
27 Оңбаған адам жаманлық ойлар, Оның сөзи жалмайтуғын жалынға мегзер.
28 Ҳийлекер адам жәнжел туўдырар, Өсекши досларды айырар.
29 Зорлық ислеўши жақынын азғырар, Оны жаман жолға баслар.
30 Көзин сүзип қараған ҳийле ойлар,Ернин тислеген жаўызлық ислер.
31 Ағарған шаш – ҳүрметли таж, Туўры жасаған оны қазанар.
32 Сабырлы адам мәрт әскерден, Өзин услай алатуғын адам қаланы басып алғаннан үстинирек.
33 Кийимниң шалғайына шек тасланар, Оның шешими Жаратқан Ийеден берилер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.