1 Дастурханы мол ҳәм зыяпаты көп жәнжелли үйден, Бир тислем қатты наны бар тыныш-татыў үй жақсырақ.
2 Уят ис қылатуғын улды ақыллы қул басқарар, Ол туўысқанлар қатарында мийрасқа шерик болар.
3 Гүмис балқытыўханада, алтын ошақта сыналар, Адамның жүрегин Жаратқан Ийе сынар.
4 Залым жаўыздың сөзине дыққат қояр, Өтирикши бүлгинши тилге қулақ салар.
5 Кәмбағалды мазақ қылған Жаратқанды хорлаған болар, Бахытсызлыққа қуўанған жазасыз қалмас.
6 Ақлықлар – қариялар тажы, Ата-аналар – балалар мақтанышы.
7 Төрели сөз ақмаққа жараспағаны сыяқлы, Өтирик сөз де ҳүкимдарға жараспас.
8 Бериўшиниң нәзеринде пара сыйқырлы тасқа уқсар, Не қылса да иси табыслы болар.
9 Қәтени кеширген дослықты сақлар, Оны қайта-қайта еслей берген достын бездирер.
10 Ақылсызға берилген жүз дүрреден гөре, Ақыллыға берилген бир кейис тәсирлирек.
11 Жаман адам тек бүлгиншиликти гөзлер, Сонлықтан оған қарсы залым периште жиберилер.
12 Ақмақтың ақмақлығына тап болғанша, Баласынан айырылған ана айыўға тап болған жақсырақ.
13 Жақсылыққа жаманлық қылғанның, Үйинен жаманлық арымас.
14 Жәнжелдиң басланыўы жыққын суўға уқсар, Жәнжелди күшейместен бурын тоқтат.
15 Наҳақты ақлаў ҳәм ҳақты айыплаў – Екеўи де Жаратқан Ийеге жеркенишли.
16 Ақылсыздың қолындағы ғәзийнеден не пайда? Даналықты ийелеўге оның қәлеўи жоқ ғой!
17 Дос ҳәрдайым сүйеди, Туўысқан да қайғыны бөлисиў ушын туўылған.
18 Ақылы кем қол берип, Қоңсысы ушын кепил болар.
19 Гүнаны жақсы көрген жәнжелди сүйер, Дәрўазасын бийик қурған қулаўды излер.
20 Ҳийлекер жүрек жақсылық таппас, Өтирикши тил бәлеге жолығар.
21 Ақылсыз бала туўған адамның маңлайының соры, Ақмақтың әкеси қуўаныштың не екенин билмес.
22 Қуўанышлы жүрек шыпа бағышлаўшы дәри, Езилген руўх сүйекти қуўратар.
23 Әдалат жолын бурмалаў ушын, Залым жасырын пара алар.
24 Ақыллы адам нәзерин даналықтан қашырмас, Ақмақтың көзи жер түбин шарлар.
25 Ақмақ бала әкеси ушын қайғы, Анасы ушын ғам келтирер.
26 Айыпсызды жазалаў, Ҳасылзаданы ҳадаллығы ушын урыў жақсы емес.
27 Билимли адам тилин жылаўлар, Парасатлы адам суўыққан болар.
28 Ақмақ та үндемесе дана саналар, Аўзына ийелик қылса, парасатлы болып көринер.