Ҳикметлер 18 bob

1 Саяқ адам қара басын ойлар, Барлық саў пикирге қарсы шығар.
2 Ақмақ түсиниўди жек көрер, Ол өз ойын билдириўди хош көрер.
3 Залым өзи менен кемситиўшилик, Бийабырайлық өзи менен масқарашылық алып келер.
4 Адамның аўзынан шыққан сөзлер терең суўларға, Даналық булағы ағын суўға мегзер.
5 Ҳүкимде залымды жақлап, Айыпсызды наҳаққа шығарыў жақсы емес.
6 Ақмақтың тили жәнжел туўдырар, Аўзы менен дүррени шақырар.
7 Ақылсыздың аўзы өзине әжел, Оның тили болса, жанына дузақ болар.
8 Өсекшиниң сөзи сондай татлы, Олар адамның жан дүньясына кирип алар.
9 Өз жумысына немқурайды болыў – Бузғыншының туўысқаны.
10 Жаратқан Ийениң аты – беккем минара, Әдил оған қашып, бас саўғалар.
11 Байлардың байлығы олардың беккем қаласы, Өз қыялына бийик дийўалдай көринер.
12 Қулар алдынан адамның жүреги тәкаббирленер, Ҳүрметтен алдын кишипейиллик келер.
13 Тыңламай жуўап бериў, Ақмақлық ҳәм уятсызлық.
14 Адамның дәртине руўхы төзим берер, Бирақ езилген руўхқа ким шыдам берер?
15 Ақыллының жүреги билимди ийелер, Дананың қулағы билимди излер.
16 Сый бериў адамға жол ашар, Ҳүрметли адамлар алдына дейин апарар.
17 Қарсыласы келип, оған сораў қойып тексермегенше, Биринши болып даўласқан ҳақ болып көринер.
18 Шек таслаў даўды тоқтатар, Күшли қарсыласлардың даўын шешер.
19 Өкпели туўысқан бекитилген қалаға, Арасындағы даў болса, қорған қала дәрўазасының тәмбисине уқсар.
20 Адам аўзының жемисинен қарнын, Тилиниң өниминен өзин тойдырар.
21 Өлим ҳәм өмир тилдиң ықтыярында, Тил не сөйлесе, соның жемисинен дәм татар.
22 Үйленген берекет табар, Жаратқан Ийениң мийримине ерисер.
23 Жарлы жалынып сөйлер, Бай турпайы жуўап берер.
24 Дослар бар, өзин дос қылып көрсеткен, Бирақ шын дос та бар, туўысқаннан да жақын.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.