1 Жалған тилли ақмақтан, Минсиз жүрген жарлы жақсы.
2 Билимсиз умтылыс жақсы емес, Асыққан жолдан жаңылысар.
3 Өз ақмақлығы адамның жолын бузар, Ал оның жүреги Жаратқанға наразы болар.
4 Байлық досларды көбейтер, Жарлыны досты да таслап кетер.
5 Жалған гүўа жазасыз қалмас, Өтирик сөйлеген қутыла алмас.
6 Көплер жомарт адамның мийримине түсиўди қәлер, Қолы ашыққа ҳәмме дос болар.
7 Жарлыны туўысқанлары да жек көрер, Дослары да оннан соншелли безип кетер, Сөйлесиў ушын излесе де, оларды таба алмас.
8 Даналыққа ерискен өз жанын сүйер, Ақыл-парасатқа кеўил қойған жақсылық табар.
9 Жалған гүўа жазасыз қалмас, Өтирикши тири қалмас.
10 Салтанатлы өмир ақмаққа жараспағаны сыяқлы, Баслықларға бийлик етиў қулға сирә дә жараспас.
11 Ақыл адамның ғәзебин тыяр, Қәтени кешириў оған ҳүрмет келтирер.
12 Патшаның ғәзеби арысланның ақырыўына уқсар, Ал оның мийрими шөпке түскен шыққа уқсар.
13 Ақылсыз бала әкесиниң басына бәле болар, Урысқақ ҳаял тоқтамай таматуғын суўға уқсар.
14 Үй ҳәм байлық – ата-анадан мийрас, Ақыллы ҳаял – Жаратқан Ийеден сый.
15 Қосжақпаслық адамды қатты уйқышы қылар, Ериншек аш қалар.
16 Буйрықларды орынлаған өмирин сақлар, Өз жолына итибар бермеген набыт болар.
17 Жарлыға мийрим көрсетиў – Жаратқан Ийеге қарыз бергендей болар, Ислеген жақсылығының есесин Жаратқан Ийе қайтарар.
18 Үмит барда балаңды жөнге сал, Оның өлиўине айыплы болма.
19 Ашыўшақ жазасын алсын, Егер қутқарсаң, оны және де жазалаўға туўры келеди.
20 Келешекте дана болыўың ушын, Кеңести тыңлап, нәсиятты қабыл ет.
21 Адам жүрегинде нийет көп, Бирақ тек Жаратқан Ийениң мақсети әмелге асар.
22 Адамның қәлеўи – садықлық, Жарлы болыў өтирикши болыўдан жақсырақ.
23 Жаратқан Ийеден қорқыў өмирге жетелер, Ол тыныш ҳәм машқаласыз жасар.
24 Ериншек табаққа қол салар, Бирақ аўзына апарыўға еринер.
25 Сурбетти жазаласаң, садалар ақылға кирер, Егер ақыллыны әшкараласаң, ол соннан сабақ алар.
26 Әкесин тонап, анасын қуўған бала, Шерменделик ҳәм иснат келтирер.
27 Балам, нәсиятты тыңлаўды тоқтатқаның, Бул билимли сөзлерден бас тартқаның.
28 Жарамас гүўа әдалатлық үстинен күлер, Залымлардың аўзы жаманлықты жалмап жутар.
29 Сурбетлер ушын ҳүким таяр, Ақмақтың арқасына дүрре таяр.