Ҳикметлер 2 bob
1 Балам! Егер сен сөзлеримди қабыл қылып, Буйрықларымды ишиңде сақласаң,
2 Даналыққа қулақ түрип, Түсиникке жүрегиңди ашсаң,
3 Егер ақыл-парасатты шақырып, Түсиникке даўыслап жалбарынсаң,
4 Оны гүмис киби излеп, Көмилген ғәзийне киби ақтарсаң,
5 Сонда сен Жаратқан Ийеден қорқыўдың не екенин түсинип, Қудайдың ким екенин билесең.
6 Даналықты Жаратқан Ийе берер, Билим ҳәм түсиник Оның аўзынан шығар.
7 Ол ҳақлар ушын табыс сыйлап, Минсизлер ушын қалқан болар.
8 Ол әдалатлық жолларын қорып, Өзине садықлардың жолларын қорғар.
9 Сонда сен әдиллик ҳәм әдалатлықты уғып, Ҳадал ҳәм туўры жолдың не екенин түсинерсең.
10 Жүрегиң даналыққа толып, Кеўлиң билимнен заўық алар.
11 Ақыл-парасат сени аман сақлап, Дурыс түсиник сени қорғар.
12 Даналық сени жаўызлардың жолынан, Жалған сөйлеўшилерден,
13 Қараңғылық жолынан жүриў ушын, Туўры жолды таслап кеткенлерден,
14 Жаманлық ислеп қуўанып, Жаўызлықтың бузғынлығынан ләззет алатуғынлардан,
15 Терис жолға түсип, Өз жолларынан адасқанлардан сақлар.
16 Даналық сени бузық ҳаялдан, Жезөкше ҳаялдың майлы тилинен сақлар.
17 Ол жаслай қосылған күйеўин таслап кеткен, Ҳәм Қудайдың алдында дүзген келисимин умытқан.
18 Оның үйи өлимге, Жоллары өлилер алдына алып барады.
19 Оған барғанлар қайтып келмес, Өмир жолына қайта түспес.
20 Сонлықтан жақсылардың жолынан жүр, Әдиллердиң жолын беккем тут.
21 Ҳақлар жер бетин мәкан қылар, Минсизлер сол жерде қалар.
22 Жаманлар жер бетинен қырып тасланар, Опасызлар түп-тамыры менен жоқ қылынар.