Ҳикметлер 22 bob

Даналардың отыз нәсияты (17-21), Биринши нәсият (22-23), Екинши нәсият (24-25), Үшинши нәсият (26-27), Төртинши нәсият (28), Бесинши нәсият (29).

1 Жақсы атақ үлкен байлықтан жақсы, Жақсы ат-абырай гүмис ҳәм алтыннан жақсы.
2 Бай ҳәм жарлының ортақлығы мынада: Олар екеўин де Жаратқан Ийе жаратқан.
3 Ақыллы қәўип-қәтерди көрип, бас саўғалар, Сада алға басып бара берип, зәлел көрер.
4 Кишипейиллик ҳәм Жаратқан Ийеден қорқыў ушын берилетуғын сый – Байлық, даңқ ҳәм өмир.
5 Азғынның жолы тикен ҳәм дузаққа толы, Жанын сақламақшы болған оннан аўлақ жүрсин.
6 Баланы жастан туўры жолға сал, Ол қартайғанда да оннан таймайды.
7 Байлар жарлыларға үстемлик қылар, Қарыздар қарыз бергенге қул болар.
8 Наҳақлық қылған апат орар, Оның ғәзеп қамшысы сынар.
9 Сақый адам берекет табар, Өз нанын жарлылар менен бөлисер.
10 Сурбетти қуўсаң, жәнжел де кетер, Даў ҳәм кейис те тоқтар.
11 Жүрек пәклигин сүйетуғын ҳәм жағымлы сөйлейтуғын адамға, Патша дос болар.
12 Жаратқан Ийениң нәзери билимди қорғар, Опасыздың сөзлерин Ол жоққа шығарар.
13 Ериншек: «Далада арыслан бар! Майдан ортасында мени өлтиреди!» – дер.
14 Бузық ҳаялдың аўзы түпсиз шуқырға мегзер, Жаратқан Ийе кимге ғәзепленсе, ол сол шуқырға қулар.
15 Ақылсызлық өспиримниң жүрегинде бар, Тәрбиялаўшы қамшы оны соннан арылтар.
16 Байыў ушын жарлыға жәбир көрсететуғын, Байға сый беретуғын адам кәмбағалласады.
17 Даналардың сөзлерин қулақ түрип тыңла, Беретуғын билимиме жүрегиңди аш.
18 Оларды жүрегиңде сақласаң, Ҳәм олар сениң тиллериңде болса, жақсы болады.
19 Исенимиңди Жаратқан Ийеге артыўың ушын, Бүгин буларды саған, аўа, саған үйретип атырман.
20 Мәсләҳәт ҳәм билим менен, Саған отыз нәсият жазбаған ба едим?
21 Бул исенимли ҳақыйқат сөзлерин үйрениўиң, Сени жибергенге дурыс жуўап бере алыўың ушын жазылған емес пе еди?
22 Жарлыны жарлылығы себепли тонама, Бахытсызды дәрўаза алдында ҳүким қылғанда қыйнама.
23 Олардың исин Жаратқан Ийе жақлар, Оларды тонағанлардың жанын алар.
24 Ашыўшақ адам менен дос болма, Қызба адам менен жолдас болма.
25 Болмаса, сен де оған еликлерсең, Жаныңды дузаққа түсирерсең.
26 Қол берип, Басқаның қарызына кепил болатуғынлардың бири болма.
27 Төлеў ушын ҳеш нәрсең болмаса, Төсегиңди де астыңнан тартып алар.
28 Ата-бабаларың қойып кеткен, Ески шегара белгисин жылжытпа.
29 Өз кәсибиниң маманы болған адамды көрдиң бе? Ол патшаларға хызмет етер, Әпиўайы адамларға хызмет етпес.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.