Ҳикметлер 24 bob

Он тоғызыншы нәсият (1-2), Жигирмаланшы нәсият (3-4), Жигирма биринши нәсият (5-6), Жигирма екинши нәсият (7), Жигирма үшинши нәсият (8-9), Жигирма төртинши нәсият (10), Жигирма бесинши нәсият (11-12), Жигирма алтыншы нәсият (13-14), Жигирма жетинши нәсият (15-16), Жигирма сегизинши нәсият (17-18), Жигирма тоғызыншы нәсият (19-20), Отызыншы нәсият (21-22), Даналардың басқа нәсиятлары (23-34).

1 Залым адамларға ҳәўес қылма, Олар менен бирге болыўды күсеме.
2 Олардың ойы зорлық етиўди ойлар, Аўзы машқала келтириў туўралы сөз етер.
3 Даналық пенен үй салынар, Ақыл менен берик болар.
4 Билим менен үйдиң иши, Қымбатбаҳа ҳәм әжайып байлыққа толар.
5 Дана адам күшли болар, Билимли адам күшке толып барар.
6 Сонлықтан урысты ақыл-кеңес пенен алып бар, Мәсләҳәтши көп жерде жеңис бар.
7 Ақмақ ушын даналық қол жетпес болар, Мәжилисте ол аўзын да ашпас.
8 Жаманлық ислеўди нийет еткен адам, Нийети бузық деп аталар.
9 Ақмақтың ҳарам ойы – гүна, Сурбет – адамлар ушын жеркенишли.
10 Егер сен апатқа ушырағанда ҳәлсизлик етсең, Онда сениң күшиңниң аз болғаны.
11 Айыпсыз өлимге кесилгенди қутқар, Соймақшы болғанды изине қайтар.
12 «Биз буны билмедик», – десең де, Жүректи сынайтуғын Қудай шынлықты билмей ме? Жаныңды қорғайтуғын буны аңламай ма? Ол ҳәр бир адамға исине жараса қайтармай ма?
13 Балам, пал же, ол жақсы, Пал уяның палы таңлайыңа татлы.
14 Сол сыяқлы, даналық та жаныңа татлы, Егер оны тапсаң, келешегиң болар, Үмитиң де үзилмес.
15 Ҳәй залым, әдилдиң үйине жаўызлық ойлама, Оның мәканын ўайранлама.
16 Әдил жети рет жығылса да, турып кетер, Залым апатшылықтан набыт болар.
17 Душпаның жығылса, қуўанба, Сүрниксе, шадланба.
18 Сөйтсең, Жаратқан Ийе буны көрип, наразы болар, Душпаныңа деген ғәзебинен қайтар.
19 Жаўызлық қылыўшыларға қәҳәрленбе, Залымларға ҳәўес қылма.
20 Жаўызлық қылыўшылардың келешеги жоқ, Залымлардың шырағы өшип қалар.
21 Балам, Жаратқан Ийеден ҳәм патшадан қорқ, Қозғалаңшы менен шерик болма.
22 Жаратқан Ийе ҳәм патша тосаттан бәле жиберер, Олар екеўиниң қандай бәле жиберетуғынын ким билер?
23 Мыналар да даналардың айтқанлары: Ҳүкимде адамды алалаў жақсы емес.
24 Айыплыға; «Сен айыпсызсаң», – дегенди халықлар нәлетлер, Миллетлер оны жек көрер.
25 Айыплыны жазалаған табысқа ерисер, Оған жарылқаўлар жаўар.
26 Туўры жуўап, Ҳақыйқый дослықтың белгиси.
27 Сырттағы ислериңди питкер, Егислик жериңди тәртипке сал, Соңынан үйиңди қур.
28 Себепсиз жақыныңа қарсы жалған гүўалық берме, Аўзың менен өтирик сөйлеме.
29 «Маған не қылған болса, өзине де соны ислеймен, Ол не қылса, өзине соны қайтараман», – деме.
30 Мен ериншектиң атызынан, Ессиздиң жүзимзарынан өттим.
31 Қарасам, ҳәммесине тикенлер өскен, Жериниң бетин жабайы шөп басқан, Тас дийўалы да қулаған.
32 Қарап, ойланып қалдым, Көрип, сабақ алдым:
33 «Бираз уйықлап, аз-маз мүлгип отырсаң, Гейде қол қаўсырып, жатып алсаң,
34 Тонаўшыдай болып, жоқшылық жетип келер, Қарақшыдай болып, мүтәжлик бас салар».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.