Ҳикметлер 25 bob

Сулайманның ҳикметлериниң екинши бөлими (1-28).

1 Мыналар да Яҳуда патшасы Хизкияның адамлары тәрепинен жазып алынған Сулайманның ҳикметлери:
2 Исти қупыя етиў – Қудайдың даңқы, Исти изертлеп ашыў – патшалардың даңқы.
3 Аспанның бийиклиги, жердиң тереңлиги киби, Патшаның ой-нийети де түсинип болмас нәрсе.
4 Гүмистен ғаўажақты алып тасла, Сонда өнермент оннан ыдыс соға алар.
5 Патшадан залымды узақластыр, Оның тахты әдиллик пенен беккем болар.
6 Патшаның алдында гәрдийме, Уллылардың орнына турып алма.
7 Ҳасылзада алдында кемситилгеннен гөре, Оның саған: «Былай, жоқары шық», – дегени жақсырақ. Көзлериң менен көрген нәрсени,
8 Ҳүкимге тапсырыўға асықпа. Егер қарсыласың сени жеңип шығып, уялтса, Кейин не қыласаң?
9 Даўды жақының менен жеке талқыла, Басқаның сырын ашпа.
10 Болмаса, адамлар еситип, сени уялтар, Жаман атың изиңнен қалмас.
11 Орны менен айтылған сөз, Гүмис табаққа салынған алтын алмаға уқсар.
12 Тыңлар қулаққа дананың әшкаралаўы, Алтын сырғаға яки сап алтын тағыншаққа уқсар.
13 Садық елши өзин жибергенлер ушын, Орым-жыйын ўақтындағы қардың суўығы яңлы, Өз хожайынларының жанын жай таптырар.
14 Берилмеген сыйды айтып мақтанатуғын адам, Қурғақ самал ҳәм жаўмас бултқа уқсайды.
15 Сабырлылық пенен ҳүкимдар көндирилер, Жумсақ тил сүйекти сындырар.
16 Пал тапсаң, жетерлисин же, Артық жесең, қусып тасларсаң.
17 Қоңсыңа жийи-жийи бара берме, Сеннен безип, жек көрип қалмасын.
18 Жақынына қарсы жалған гүўалық берген адам, Шоқмар, қылыш ҳәм ушлы оққа уқсар.
19 Апат күни опасызға үмит артыў, Сынған тис ҳәм сал болған аяққа мегзер.
20 Қайғылыға кеўилли қосық айтыў, Суўық күни кийимин шешип алғанға, Ямаса жараға дуз сепкенге мегзер.
21 Егер душпаның аш болса, оған нан бер, Егер шөллесе, суў бер.
22 Солай ислеп, оны уялтарсаң, Есесин Жаратқан Ийеден аларсаң.
23 Арқа самалы жаўын алып келер, Өсекши тил адам жүзинде ғәзеп оятар.
24 Урысқақ ҳаял менен бир үйде жасағаннан, Үшектиң бир мүйешинде жасаған жақсы.
25 Алыс елден келген жақсы хабар, Шөллегенге берилген суўық суўға мегзер.
26 Залымға бас ийген әдил адам, Ылайланған булақ ҳәм патасланған қудыққа мегзер.
27 Көп пал жеген жақсы емес, Даңқ ушын умтыла бериў де даңқ әпермес.
28 Өзин басқара алмайтуғын адам, Дийўалсыз, ўайран болған қалаға мегзер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.