1 Ертеңги күн менен мақтанба, Оның не алып келетуғынын билмейсең.
2 Сени өз аўзың емес, басқа аўыз, Өз тиллериң емес, өзге тил мақтасын.
3 Тас та салмақлы, қум да аўыр, Ақмақ туўдырған ғәзеп екеўинен де аўыр.
4 Ашыў қатал, ғәзеп басылмайды, Бирақ қызғанышқа ким қарсы тура алады?
5 Ашық ескерткен, Жасырын сүйиспеншиликтен жақсы.
6 Достың ескертиўи садықлық, Душпанның сүйиўи алдамшы.
7 Тойынған палдан да бас тартар, Ашқа ашшы да мазалы көринер.
8 Өз мәканын таслап, гезип кеткен, Уясын таслап, гезип кеткен қусқа мегзер.
9 Хош ийисли май ҳәм түтетки жүректи қуўантар, Достың шын жүректен айтқан кеңеси кеўилге жағымлы болар.
10 Өзиңниң ҳәм әкеңниң достынан қол үзбе, Басыңа ис түскенде ағайинлериңе жуўырма, Узақтағы ағайиннен жақындағы қоңсы артық.
11 Балам, дана болып жүрегиме қуўаныш бағышла, Сонда мени айыплағанларға не деп жуўап бериўди билемен.
12 Ақыллы қәўип-қәтерди көрип, бас саўғалар, Сада алға басып бара берип, зәлел көрер.
13 Бийтанысқа кепил болғанның кийимин шешип ал, Оны басқаға кепил болғаны ушын гиреўге услап тур.
14 Таң азаннан қоңсысына даўыслап алғыс айтқан, Ғарғаған саналар.
15 Урысқақ ҳаял, Жаўынлы күни тынбай тамшылайтуғын жаўынға мегзер.
16 Оны тоқтатыў самалды басқарғанға, Ямаса қол менен майды услағанға уқсайды.
17 Темир темирди қайрап өткир қылғаны сыяқлы, Адам адамды жетик қылады.
18 Әнжирди тәрбиялаған жемисин жер, Мырзасына ғамхорлық еткен ҳүрметте болар.
19 Адам суўға қарап жүзин көргендей, Жүрегине қарап өзин көрер.
20 Өлилер мәканы ҳәм набыт болыў мәканы тойымсыз болғаны сыяқлы, Адамның көзи де тойымсыз.
21 Гүмис балқытыўханада, алтын ошақта сыналар, Адам мақталғанда сыналар.
22 Ақмақты бийдай менен келиде түйсең де, Оннан ақмақлығы айырылмас.
23 Сүриўлериңниң жағдайын жақсы бил, Падаларыңа жақсылап қара.
24 Байлық мәңгилик емес, Таж да әўладтан-әўладқа берилмес.
25 Отлар орылып, таза шөп шығар, Таўдағы шөплер де жыйнап алынар.
26 Сонда қойлар сени кийиндирер, Текелер жер сатып алыўға пул болар
27 Өзиңе ҳәм үй-ишиңе азық ушын, Ешки сүти мол болар, Шорыларыңның ишиўи ушын да жетер.