1 Жийи ескертиўди тыңламай қасарысқан адам, Күтилмегенде, шыпасыз өлип кетер.
2 Әдиллер бийлик етсе, халық қуўанар, Залымлар бийлик етсе, халық дад салар.
3 Даналықты сүйген әкесине қуўаныш келтирер, Бузықлар менен дос болған байлығын шашар.
4 Патша әдалатлық пенен елди беккемлер, Пара алған оның қутын қашырар.
5 Жақынына жағымпазланған, Оның аяғы астына аў қурған болар.
6 Залымның гүнасы өзине дузақ болар, Әдил қосық айтар ҳәм шадланар.
7 Әдил жарлылардың ҳуқықын қорғар, Залымның буған билими жетпес.
8 Сурбетлер қаланы көтерилиске түрткилер, Даналар ашыў-ызаны басар.
9 Дана адам ақмақ пенен қазыханада даўласса, Ақмақ ашыўланып та, күлип те маза бермес.
10 Қанхор адамлар минсизди жек көрер, Ҳақ адамлар оның өмирине ғамхорлық етер.
11 Ақмақ бар ашыўын төгер, Дана өзин өзи бийлер.
12 Егер ҳүкимдар жалған сөзге қулақ салса, Оның барлық ҳәмелдарлары жаўызға айланар.
13 Жарлы менен езиўшиге ортақ нәрсе мынаў: Екеўиниң де көзине Жаратқан Ийе нур берген.
14 Патша жарлыларға әдалатлы ҳүким шығарса, Оның тахты ҳәрдайым беккем болар.
15 Таяқ ҳәм ескертиў даналық берер, Қараўсыз қалған бала анасын уятқа қалдырар.
16 Залымлар көбейсе, нызамсызлық көбейер, Әдиллер болса, олардың қулағанын көрер.
17 Балаңды тәрбияла, ол саған рәҳәт берер, Жаныңды қуўанышқа бөлер.
18 Көктен аян болмаса, халық жүўенсиз болар, Нызамға әмел қылған бахытлы болар.
19 Қулды тек сөз бенен тәрбиялап болмас, Ол түсинеди, бирақ қулақ салмас.
20 Ойланбай сөйлейтуғын адамды көрдиң бе? Сондай адамға қарағанда, ақмақтан көбирек үмит бар.
21 Қул балалығынан еркелетип өсирилсе, Ақырында басыңа бәле болар.
22 Ғәзепли адам жәнжел шығарар, Қызба адам көп гүна қылар.
23 Менменлик адамды жер қылар, Кишипейил ҳүрметке ийе болар.
24 Урыға шерик болған өз жанын жаман көрер, Ғарғысқа қалса да, билгенин айтыўға батылы жетпес.
25 Адамнан қорқыў дузаққа түсирер, Жаратқан Ийеге үмит артқан қәўипсиз болар.
26 Көплер ҳүкимдардың көзине түсиўди қәлер, Бирақ әдалат Жаратқан Ийеден берилер.
27 Әдиллер ушын наҳақлар жеркенишли, Залымлар ушын ҳақ жүргенлер жеркенишли.