Ҳикметлер 30 bob

Агурдың сөзлери (1-33).

1 Мыналар Яке улы Агурдың Итиелге, Итиел менен Ухалға айтқан ҳикметли сөзлери:
2 «Расында да, мен адамлар арасындағы ең наданы екенмен,Адамға тән ақыл да жоқ менде.
3 Даналықты үйренген де емеспен, Мухаддес Қудайды танымайман да.
4 Ким бир рет болса да, көклерге көтерилген ямаса төмен түскен? Ким алақанына самалды жыйнап алған? Ким суўды кийимине орап алған? Ким жердиң шегин орнатқан? Оның аты ким? Улының аты ким? Билсең, маған айт!
5 Қудайдың ҳәр бир сөзи ҳақ, Ол Өзин паналайтуғынлардың қалқаны.
6 Оның сөзлерине ҳеш нәрсе қоспа, Қоссаң, ол сени әшкаралар, өтирикши болып қаларсаң.
7 Қудай, мен Сеннен еки нәрсе сорайман, Өлмесимнен бурын соларды берши:
8 Мылжың сөзди ҳәм өтирикти меннен аўлақ қыл, Жарлылық та, байлық та бермеши маған, Тек бере гөр күнделикли нанымды.
9 Тойынып кетип, Сеннен бас тартып: „Жаратқан Ийе деген ким өзи?“ – деп айтпайын, Жарлыланып қалып урлық ислеп, Сениң атыңа иснат келтирип жүрмейин.
10 Хызметкерин хожайынына жаманлама, Болмаса, ол сени ғарғап, жазасын тартарсаң.
11 Сондай әўлад бар, әкесин ғарғар, Анасына да алғыс айтпас.
12 Сондай әўлад бар, өзин таза санар, Ҳәтте, қусығынан тазармаған болса да.
13 Сондай әўлад бар, тәкаббирленип бағар, Ҳәммениң үстинен қарар.
14 Жарлыларды жер бетинен, Мүтәжлерди адамлар арасынан жалмап жутатуғын, Тислери қылыш, азыўлары пышақтай адамлар бар.
15 Сүликтиң еки қызы бар. „Бер, бер“, – деп бақырар олар. Ҳеш қашан тоймайтуғын үш нәрсе, „Жетерли“ демейтуғын төрт нәрсе бар.
16 Өлилер мәканы, нәсилсиз қурсақ, Суўға қанбайтуғын топырақ пенен өрт ҳеш қашан „жетерли“ демес.
17 Әкени мазақлайтуғын, анаға бойсыныўдан бас тартатуғын көзди, Ойпатлықтағы ғарғалар шоқыйды, қара қустың палапанлары жейди.
18 Мениң ақылым жетпейтуғын үш нәрсе, Мен түсинбейтуғын төрт нәрсе бар:
19 Аспандағы бүркиттиң жолы, Тас үстиндеги жыланның жолы, Теңиз ортасындағы кемениң жолы, Еркектиң қызға баратуғын жолы.
20 Бузық ҳаялдың жолы да сондай. Ол жеп болып, аўзын сүртип, „Ҳеш жаманлық ислемедим“, – дер.
21 Жер үш нәрседен ләрзеге келер, Төртеўин ол көтере алмас:
22 Қул патша болғанда, Ақмақ асқа тойғанда,
23 Жағымсыз қыз турмысқа шыққанда, Шоры ханымының орнын алғанда.
24 Жер бетинде төрт кишкене нәрсе бар, Бирақ олар даналардың данасы:
25 Қумырысқа күшсиз жанзат, Бирақ қыс азығын жазда таярлар.
26 Даман ҳәлсиз жанзат, Бирақ өз инин жартасқа салар.
27 Шегирткеде патша жоқ, Бирақ ҳәммеси сап тартып жүрис қылар.
28 Кесирткени қол менен услаўға болар, Бирақ ол патша сарайында да бола алар.
29 Қәдеми саўлатлы үш нәрсе, Жүриси айбатлы төрт нәрсе бар:
30 Ҳайўанлардың ең күшлиси арыслан, Ҳеш нәрседен қаймықпас.
31 Мәкийенлер алдындағы қораз, Сүриў алдындағы теке, Ордасының басындағы патша.
32 Егер менменлик етип ақмақлық қылған, Ямаса жаманлық ойлаған болсаң, Аўзыңды қолың менен жап.
33 Сүтти гүбиге писсе май шығар, Мурынға урса қан шығар, Сол сыяқлы, ашыўды қозғаса жәнжел шығар».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.