Ҳикметлер 4 bob

Даналықтың артықмашлығы (1-27).

1 Балаларым, әкеңиздиң нәсиятларына қулақ салың! Ақыл-парасатты ийелеўге итибар бериң.
2 Мен сизлерге жақсы тәлим беремен, Үйреткенлеримнен жүз бурмаңлар.
3 Мен де әкемниң үйинде бала болдым, Көзиниң қарасы, анамның жалғызы едим.
4 Әкем маған үйретип, былай дер еди: «Сөзлеримди жүрегиңе беккем жайла, Буйрықларымды орынла, сонда жақсы жасайсаң.
5 Даналықты ҳәм ақыл-парасатты ийеле, Сөзлеримди умытпа, олардан жүз бурма.
6 Даналықтан айырылма, ол сени қорғайды, Оны сүй, ол сени аман сақлайды.
7 Ең баслысы – даналық, даналықты ийеле, Бар ийелигиңди берип болса да, ақылға ийе бол.
8 Оны жоқары баҳала, ол сени мәртебели қылады, Оған жабысып алсаң, ол сени абырайға еристиреди.
9 Даналық басыңа әжайып гүл шеңбер, Саўлатлы бир таж кийдиреди».
10 Балам, тыңла ҳәм сөзлеримди қабыл ет, Сонда өмир жасың узақ болады.
11 Мен саған даналық жолын үйреттим, Сени туўры соқпақлардан жетеледим.
12 Жүргениңде, адымың тосқынлыққа ушырамайды, Жуўырғаныңда сүрникпейсең.
13 Нәсиятыма беккем әмел қыл, оннан айырылма, Оны сақла, ол – сениң өмириң.
14 Наҳақлардың соқпағынан, Жаўызлардың жолынан жүрме.
15 Оннан бас тарт, ол жолдан жүре гөрме, Оннан аўлақ болып, бурылып кет.
16 Олар жаўызлық ислемесе, уйықлай алмайды, Биреўди қулатпаса, уйқысы қашады.
17 Олар нызамсызлық арқалы нан жеп, Жаўызлық арқалы шарап ишеди.
18 Әдилдиң жолы таң шуғласына уқсайды, Ол түске дейин жарқыраған сайын жарқырайды.
19 Залымның жолы түнекке уқсайды, Олар неге сүрнигип қулайтуғынын билмейди.
20 Балам, сөзлериме дыққат қой, Айтқанларыма қулақ түр.
21 Сөзлеримди нәзериңнен қашырма, Оларды жүрек төринде сақла.
22 Олар, өзин тапқанларға өмир сыйлайды, Пүткил денеге денсаўлық береди.
23 Ең баслысы, бар күшиң менен жүрегиңди қорға, Ол өмир булағы
24 Аўзыңнан жалған сөз шықпасын, Тилиңди өтирик сөзден тый.
25 Көзлериң алға туўры қарасын, Нәзериң алдыға тигилген болсын.
26 Қәдемиңди ойлап бас, Пүткил жолларың беккем болсын.
27 Оңға да, солға да қайырылма, Аяғыңды жаўызлықтан аўлақ тут.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.