Ҳикметлер 5 bob

Неке ҳадаллығын бузыўға қарсы ескертиў (1-23).

1 Балам, даналығыма итибар бер, Мен түсинген нәрселерге қулақ сал.
2 Солай етсең, сана-сезимиң жоғалмас, Аўзың билимди сақлап қалар.
3 Бузық ҳаялдың аўзынан пал тамар, Сөзлери майдан да жумсақ болар.
4 Бирақ оның ақыбети жуўсандай ашшы, Еки жүзли қылыштай өткир.
5 Аяқлары өлимге түсип барар, Қәдемлери өлилер мәканына қарай жетелер.
6 Өмир жолы туўралы ол ойламас, Қыйсық жол менен жүргенин аңғармас.
7 Солай екен, балаларым, мени тыңлаңлар, Айтқан сөзлеримнен бас тартпаңлар!
8 Ондай ҳаялдан аўлақ бол, Оның есигине де жолама.
9 Болмаса, абырайыңды басқаларға, Өмириңди тас баўырға бересең.
10 Байлығыңнан басқалар рәҳәтленип, Мийнетиң басқа үйди байытады.
11 Етиң сүйегиңе тақалып, өмириң ақырлағанда, Аҳ шегип, былай деп пәрияд қыларсаң:
12 «Мен неге нәсиятты жек көрдим? Неге жүрегим ескертиўди писент етпеди?
13 Муғаллимлеримди тыңламадым, Устазларыма қулақ аспадым.
14 Сонлықтан мен жыйналған жәмийеттиң алдында, Ийт масқара болайын деп қалыппан!»
15 Суўды өз суў сақлағышыңнан, Өз қудығыңнан шыққан суўдан иш.
16 Булақларың көше бойлап, Ағын суўларың майданлар бойлап ақсын ба?
17 Олар тек өзиңдики болсын, Басқалар менен бөлиспе.
18 Булағың берекетли болсын, Жаслай қосылған қостарыңнан ләззет ал.
19 Ол сүйкимли суўын, нәзик кийикке уқсайды. Оның көкирегине бәрқулла қанаат етип,Бәрқулла муҳаббатынан ләззет ал.
20 Балам, саған тийисли емес ҳаялдан ләззет алыўдың, Басқаның геўдесин қушыўдың не кереги бар?
21 Адамның жоллары Жаратқан Ийениң көз алдында, Ол оның барлық адымларын бақлап турады.
22 Залымның айыплы ислери оның өзин дузаққа түсиреди, Ол өз гүналарына шырмалып қалады.
23 Ол тәрбиясызлықтан өлип кетеди, Ақмақлығы оны жолдан шығарады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.