Ҳикметлер 8 bob

Даналықты тыңла! (1-36).

1 Шақырып атырған Даналық емес пе? Даўыслап турған түсиник емес пе?
2 Ол жол шетиндеги бәлентликлердиң үстинде, Дәрбент жолларда турады.
3 Ол қала дәрўазаларының алдында, Қалаға кирер аўызда турып жар салады:
4 «Ҳәй адамлар, мен сизлерди шақырып турман, Шақырығым адам баласына қаратылған!
5 Садалар, узақты көриўди үйрениң, Ақмақлар, түсиникке ийе болың!
6 Тыңлаңлар, әҳмийетли нәрселерди айтпақшыман, Ҳақыйқатты баян етпекшимен.
7 Тилим ҳақыйқатты сөйлейди, Аўзым жалғаннан жеркенеди.
8 Аўзымнан шыққан ҳәр бир сөз ҳақыйқат, Онда ҳийле ҳәм жалған жоқ.
9 Саналыға барлығы аян, Билимлиге бәри дурыс.
10 Гүмисти емес, мениң нәсиятымды ал, Сап алтын орнына билим ал.
11 Даналық гәўҳардан да қымбат, Аңсаған ҳеш нәрсең оған тең келмес.
12 Мен – Даналықпан, Ақыл-парасат пенен бирге жасайман, Билим ҳәм сана-сезим менде бар.
13 Жаратқан Ийеден қорқыў – жаманлықтан жеркениў. Мен менменлик ҳәм тәкаббирликти, Жаўызлық жолын ҳәм өтирик сөзди жек көремен.
14 Менде жақсы кеңес бар, менде үгит-нәсият бар, Мен түсиникпен, күш-қуўат та менде бар.
15 Мен арқалы патшалар бийлик етер, Ҳүкимдарлар әдил ҳүким шығарар.
16 Жер бетиндеги барлық ҳүкимдарлар, Әдил басқарып отырған ҳәмме ақсүйеклер мен арқалы басқарар.
17 Мени сүйгенлерди мен де сүйемен, Мени ықлас пенен излегенлер, мени табады.
18 Менде байлық ҳәм даңқ-атақ бар, Таўысылмас байлық ҳәм әдалат менде бар.
19 Беретуғын жемисим алтыннан, сап алтыннан да жақсы, Мен беретуғын пайда сайланды гүмистен де жоқары.
20 Мен әдиллик жолынан, Әдалат соқпақларынан жүремен.
21 Мени сүйгенлерге байлық сыйлап, Олардың қазналарын толтыраман.
22 Жаратқан Ийе Өз исин басламастан алдын, Өз жолының басы ретинде мени жаратты.
23 Ең баста, дүнья жаратылмастан алдын, Мен тайынланған едим.
24 Еле түпсиз теңиз де болмаған, Мол суўлы булақлар да көз ашпаған ўақытта, Мен туўылған едим.
25 Еле таўлар орнатылмастан алдын, Төбелерден де бурын мен туўылдым.
26 Ол ўақытта Ол еле жерди де, далаларды да, Дүньяның биринши топырағын да жаратқан жоқ еди.
27 Ол аспанды орнатқанда, Терең теңиз жүзине жийек сызғанда, мен сол жерде едим.
28 Жоқарыға бултларды қойғанда, Жер асты булақларына тийкар салғанда,
29 Суўлар шегарадан шығып кетпесин деп, Теңизге көрсетпе бергенде, Жердиң тийкарын белгилегенде,
30 Мен Оның жанында уста болдым. Ҳәр күни Оны қуўантып, Оның алдында шадланар едим.
31 Ол жаратқан дүньяда кеўлимди көтерер едим, Адам баласы мениң қуўанышым еди.
32 Солай екен, балаларым, мени тыңлаңлар, Жолымды тутқанлар қандай бахытлы!
33 Нәсиятымды тыңлап, дана болыңлар, Ҳеш қашан оннан жүз бурмаңлар!
34 Ҳәр күни дәрўазам алдында сергек туратуғын, Есигим алдында күтип туратуғын, Мени тыңлайтуғын адам қандай бахытлы!
35 Мени тапқан өмирди табады, Жаратқан Ийениң мийримине ериседи.
36 Ал Мени қолдан шығарған өзине зыян келтиреди, Мени жек көретуғынлардың ҳәммеси өлимди сүйеди».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.